Онда Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ўәкиллери, жергиликли ҳәм сырт елли илимпазлар, Green University профессорлары, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң ҳәр қыйлы аймақларынан 200 ге шамалас жас қатнасты.

Әнжуман даўамында Өзбекстан делегациясының Астана қаласында болып өткен Регионаллық экология саммитинде табыслы қатнасқаны атап өтилди. Саммитте мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әмелге асырылып атырған улыўма миллий жойбарлар айрықша тән алынды.

Илаж шеңберинде бир қатар әҳмийетли экологиялық мәселелерге айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Мурат Атамуродов ҳәм Өзбекстан Республикасы екология министриниң орынбасары Жусипбек Казбеков өзлериниң шығып сөйлеўлеринде бүгинги күндеги экологиялық қәўип-қәтерлер, бәринен бурын, Арал теңизи машқаласына ҳәр тәреплеме тоқтап өтип, олардың шешимин табыўда экоактив жаслардың орны барған сайын әҳмийетли болып атырғанын атап өтти.

Сондай-ақ, конференция даўамында әҳмийетли экологиялық мәселелерге бағышланған баянат ҳәм презентациялар өткерилди. Иран, Ливан, Австралия ҳәм басқа да мәмлекетлерден келген Green University профессорлары "Галофитлер: Орайлық ҳәм Қубла-Шығыс Азияның өзгерип атырған дүньясындағы ҳәр түрлилик ҳәм тәсири", "Шөллер экономикасы ҳәм билимлендириў", "Турақлы келешекти қурыў: Арал теңизи бассейнинде экотуризм", "Ақыллы суў келешеги: Жердиң жасалма жолдасынан мониторинг етиў ҳәм алдынғы технологиялар жәрдеминде суў ресурсларын трансформациялаў" темаларында лекциялар оқыды.

Буннан тысқары, қатнасыўшылар Аралбойы аймағында экологиялық билимлендириўди раўажландырыўға заманагөй қатнаслар, Арал теңизиниң қурыған ултанының топырақ-ықлым шараятына бейимлескен өсимликлерди классификациялаў, жерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, региондағы унамсыз экологиялық факторлардың халық саламатлығына тәсири, Қубла Аралбойы регионындағы көллердиң гидрологиялық режими ҳәм ҳәзирги жағдайын мониторинг етиў мәселелерин додалады.

Аймақтың биологиялық көп түрлилигин баҳалаў ҳәм сақлаў, Әмиўдәрья дельтасының төменги бөлиминдеги қумтаслар санының динамикасын, көллер ҳәм қамыслық массивлер динамикасын спутник арқалы баҳалаў механизмлерин ислеп шығыў, Қарақалпақстан аўыл хожалығына климатқа шыдамлы технологияларды енгизиў, дәрилик өсимликлерди интродукциялаў, Арал теңизиниң қурыған түби экосистемасын тиклеўде жасыл аймақлардың әҳмийети, аймақты турақлы раўажландырыў, шөллениўге қарсы гүресиў, сондай-ақ, Қубла Аралбойы аймағындағы сийрек ушырасатуғын жәнликлердиң экологиялық роли мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, Аралбойы регионының турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ушын маман кадрлар таярлаў, Қарақалпақстан климат шараятында электромагнит майданының аўыл хожалығы егинлерине тәсири, аралықтан зондлаў ҳәм GIS-технологияларынан пайдаланған ҳалда Орайлық Азияның ири дәрялары (Әмиўдәрья, Сырдәрья ҳәм Зарафшан) тоғайларында өрт қәўипин баҳалаў, қум барханлары ҳәм дуз тасыўының алдын алыў, жаслар арасында экологиялық мәдениятты қәлиплестириў, Аралбойы регионын жасыл экономика принциплери тийкарында қайта тиклеў перспективалары ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарлар көрип шығылды.

Әнжуман әҳмийетли экологиялық мәселелер, бәринен бурын, Аралбойы регионының экологиялық турақлылығын тәмийинлеў бойынша шешимлер ислеп шығыў ушын әҳмийетли илимий-әмелий майданға айланды.

Мағлыўмат ушын, тематикалық ҳәптелик шеңберинде "Эко баслама" жойбары, терек егиў акциясы, "10 мың қәдем" пиядалар марафоны ҳәм басқа да илажлар өткерилмекте.