Бәҳәрдиң жыллы күнлериниң бири. Әтирап гүллерге бөленген, жолдың шетлеринде ҳәр қыйлы гүллер қаланың көркине көрик қосып тур. Толы көшелер, машиналар шаўқымы, адамлар ағымы, ҳәр ким өз тәшўиши ҳәм қуўанышы менен кетип баратырғандай.
Фарҳад ушын бүгин өзгеше күн. Ол нәшебентликке қарсы волонтёрлық ҳәрекетине ағза болды. Жуўапкершилик ҳәм жумысының нәзик тәреплери ҳаққында ойлап, жол бойлап барар екен, адамлардың руўхый дүньясын үйрениў, ҳәр бир инсанның ишки жағдайын сезиўге ҳәрекет етеди. Адамды дурыс жолдан адастыратуғын нәрсе ишки бослық, түскинлик ямаса итибарсызлық екенин ол жақсы биледи.
Инсан адам көп жерлерде де жалғыз болыўы мүмкин. Бәндиргиниң артында күлип турған теңлеслериниң бет-әлпетинен соны аңлады. Оларға жақынлап барып сөйледи: ҳармңлар, биреўди күтип атырсыз ба?
Жигитлер бир-бирине жалт етип қарасты. Жүзлери тыныш болса да, ишки толқынын сезиў қыйын емес еди. Қараса, ислер орнында емес. Фарҳад теңлеслери менен тыныш ҳәм дослықта сәўбетлесиўге қарар етти. Дәслепки қызығыўшылық кейинги кеўилсизликлерге баслаўы мүмкин екенлигин, көп ғана надурыс ислердиң алдын алыў мүмкин екенлигин, жағдай қандай болыўына қарамастан, ҳәр бир адам буны еплей алатуғынына исеними кәмил екенин билдирди.
Гейде үлкен гүрес тосыннан ушырасыўдағы кишкене сәўбеттен басланады. Фарҳад кейин де бул сөйлесиўди даўам еттирди. Кимдидир надурыс жолдан қайтарды, бир инсанның өмирин, қайсы бир шаңарақтың денсаўлығын, пүтинлигин сақлап қалды.
* * *
БМШ мағлыўматына қарағанда, дүньяда 300 миллионнан аслам адам нәшебентлик затлар тәсирине түсип қалған. Ҳәр жылы 600 мыңға шамалас адам усы иллеттиң қурбанына айланбақта. Бүгинги глобалласыў шараятында бундай қәўип-қәтер Өзбекстанды да шетлеп өтип атырған жоқ.
Елимизде нәшебентлик ҳәм наркожынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында итибарға ылайық жумыслар исленбекте. Жақында Самарқандта болып өткен "Жәмийет саламатлығы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде трансмиллий наркотрафик қәўип-қәтерлерине қарсы гүресиў" темасындағы халықаралық форум да буны тастыйықлайды. Кейинги жыллары тараўда уйымлараралық бирге ислесиўди беккемлеў, профилактика механизмлерин раўажландырыўға қаратылған 20 дан аслам нызам ҳүжжети қабыл етилди. Бул машқалаға системалы ҳәм үзликсиз қатнас қәлиплескенин көрсетеди. 2024-жылы наркотиклерге қарсы гүресиў бойынша миллий стратегия қабыл етилгени бул бағдардағы ең үлкен қәдем болды.
Нәтийжеде кейинги жылларда наркотиклердиң нызамсыз айланысы менен байланыслы жынаятларды анықлаў көрсеткиши 2,5 есеге артты. Алып қойылған нәшебентлик қураллары 2 есеге, жоқ етилген синтетикалық наркотиклер 7 есеге көбейди. Тек ғана өткен жылдың өзинде ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен 15 мыңнан аслам наркожынаят ашылды. Дерлик 3,5 тонна нәшебентлик қураллары, соның ишинде, 120 килограмм синтетикалық наркотик жоқ етилди, 14 жасырын нарколаборатория ҳәм 72 ири интернет-дүкан жумысына шек қойылды.
Көрилген илажларға қарамастан наркожынаятшылықлардың үштен бири жаслар тәрепинен исленип атырғаны, тийкарғы қәўип топарын 15 жастан 30 жасқа шекемги адамлар қурап атырғаны бул иллеттиң халықтың генофондына қаншелли үлкен қәўип екенин көрсетип тур.
Жаслар ислери агентлиги тәрепинен "Анти-нарко" жаслар офислери шөлкемлестирилди. Оларда белсенди жаслар жумыс баслады. Қысқа мүддетте - тек ғана 2 айда бул система әмелий нәтийжелилигин көрсетти. Соның ишинде, жумыс даўамында 17 мыңнан аслам мүрәжат қабыл етилип, таңлаў нәтийжесинде 2134 белсенди жас координатордан ибарат тармақ қәлиплестирилди. Бул координаторлар орынларда профилактикалық илажларды өткериўге тартылды.
- Координаторлар ушын дәслеп оқыў семинары шөлкемлестириледи. Маманлығы арттырылғаннан соң оларға волонтёрлық сертификаты бериледи, - дейди "Анти-нарко" жаслар офиси координаторы Камола Низомиддинова. - Волонтёрлар мектеп ҳәм университетлерде профилактикалық илажлар өткереди. Студентлер, оқыўшылар менен билим ҳәм көнликпелерин бөлиседи. Оларды да "Анти-нарко" жаслар ҳәрекетине шақырады. Волонтёр басқалар менен сөйлескенде қарсы алдындағы инсанды түсиниўи, ўақтын қызғанбаўы, исеним оятыўы, сабырлылыққа үйрете алыўы керек. Белсендилик, қарым-қатнас мәденияты, ерк-ықрар ҳәм шыдамлылық, жуўапкершилик талап етиледи. Онлайн семинарлар арқалы билимлер турақлы жаңаланып барылады.
Жаслардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў ушын 200 координатор арнаўлы әмелий тренинглерден өткерилип, зәрүр көнликпелер менен тәмийинленди. 5500 ден аслам жаслар онлайн оқыў-семинарларда қатнасып, алған билимлерин имтихан арқалы беккемледи ҳәм маманлық сертификатына ийе болды. Оқыў-семинарларда психологлар, ишки ислер инспекторларының қатнасыўында наркотик түрлери, олардан сақланыў, анықлаў ҳәм зәрүр илажлар көриў көнликпелери бериледи. Бул волонтёрлардың кейинги жумысында қолайлы болады.
Машқаланың алдын алыўда үгит-нәсият жумыслары айрықша әҳмийетке ийе. Өз орнында пайдаланылған ҳәм тәсиршең үгит-нәсиятлаў материаллары жаслардың хабардарлығын арттырыўға хызмет етеди. Қалалар, көшелер ҳәм жәмийетлик орынларда жайластырылған баннерлер, халықты тиккелей хабардар ететуғын буклетлер, жоқары оқыў орынлары ҳәм мектеплерде жедел түрде өткерилген ашықтан-ашық сөйлесиўлер, семинарлар сыяқлы үгит-нәсиятлаў илажлары мине усы ўазыйпаны атқармақта.
"Анти-нарко" жаслар ҳәрекети тәрепинен социаллық тармақ платформаларында 60 тан аслам кең көлемли медиа үгит-нәсиятлаў өткерилди. Нәтийжеде саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлайтуғын контентлерди ислеп шығыў ҳәм тарқатыў көлеми сезилерли дәрежеде артты.
- Социаллық тармақларда нәшебентликке қарсы үгит-нәсият өткеремиз, - дейди сәўбетлесимиз. - Мәселен, жақында социаллық сораўнама өткердик. Нәшебентликтиң алдын алыў ушын не ислеў керек, деген сораў менен жасларға мүрәжат еттик. Қысқа метражлы видеоролигимиз тез тарқалды. Көп көрилгени болса айырым заманласларымыздың итималлы қәте қарардан қайтыўына нәтийжели тәсир еткен, деген үмит оятады. Қалаберди, бул белгили бир аудиторияның көзқарасларын өзгерткен болса, демек, ҳәрекетлеримиз бийкарға кетпей атыр.
"Анти-нарко" жаслар офиси таярлаған подкастта әсир апатшылығына қарам инсанның кеширмелери алып шығылды. Көтерилиў ҳәм қулаў, жалғызлықтан қашыў, байланысып қалыў, жоғалтыўлар, айыпкерлик сезими ҳәм дүзелиў жолына кириў ҳаққындағы гүрриң жасларды нәшебентликтиң аянышлы ақыбетлеринен ескертип, оннан сақланыўға шақырады. Әмелий илаж шеңберинде 20 дан аслам "қызыл аймақ"та мониторинг ҳәм қадағалаў күшейтилди. Қырықтан аслам түнги рейд өткерилип, нызамсыз наркограффитлер сапластырылды.
Мақсет - мәмлекет қәўипсизлигине, инсан өмири ҳәм саламатлығына, адамлардың келешегине унамсыз тәсир көрсететуғын иллеттиң алдын алыў, жасларда нәшебентлик затларды пайдаланыўға қарсы беккем иммунитет, наркожынаятшылыққа маўасасыз орталық жаратыў. Бундай орталықта саламат турмыс нормаға айланады. Саламат пикирли, билимли жаслар болса мәмлекеттиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғыны сөзсиз.
Рисолат МАДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы