Өзбекстанда 150 мың километрден аслам дәрья, сай ҳәм
каналлар бар. Бул дәреклер тек ғана ишимлик суўы ҳәм суўғарыў ушын емес, ал энергетика,
экономика ҳәм экология ушын да стратегиялық әҳмийетке ийе.
Ҳәзирги ўақытта электр энергиясын ислеп шығарыўдың үлкен
бөлеги тәбийғый газ ҳәм көмирге байланыслы. Гидроэнергияның үлеси 10-12 процент
әтирапында. Соның ушын гидроэнергетиканы раўажландырыў энергетика системасының
турақлылығын тәмийинлеў, қазылма жанылғыға байланыслылықты азайтыў ҳәм суў
ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Кейинги жыллары тараўда салмақлы нәтийжелерге ерисилди.
2017-жылы 36 ГЭС болған болса, 2025-жылға барып олардың саны 100 ге жеткерилди.
Олардың улыўма қуўатлылығы 1,6 гигаватттан 2,4 гигаваттқа жеткерилди.
Гидроагрегатлар ҳәм технологиялық үскенелер ислеп шығарыў
бойынша Орайлық Азияда бирден-бир «UzHydroPower» заводы қурылды. Өткен жылы иске қосылған Нарын ГЭСлер
каскадының биринши басқышы биринши мәрте "миллий жойбар" модельи
тийкарында әмелге асырылды - барлық жумыслар жергиликли кәрханалар тәрепинен
толық орынланды.
Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң гидроэнергетика
потенциалының үлкен бөлеги еле иске қосылмағаны атап өтилди. Халықтың ҳәм
экономиканың өсиўи менен электр энергиясына талап та артып бармақта, соның ушын
ҳәр бир дәрья, сай ҳәм каналдың энергия имканиятларынан толық пайдаланыў, жаңа
қуўатлықларды жедел иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Презентацияда 2026-2032-жылларда улыўма нырқы 5,8 миллиард
доллар болған 73 перспективалы жойбарды әмелге асырыў режелери көрип шығылды.
Олардың нәтийжесинде 3,6 гигаватт қосымша қуўатлықлар жаратылыўы күтилмекте.
Усы жылы 13 гидроэлектр станциясын иске қосыў
режелестирилген. Олардың улыўма қуўатлылығы 114 мегаватт, жыллық электр ислеп
шығарыў көлеми 537 миллион киловатт саатты қурайды. Бул жойбарлар шеңберинде
254 жумыс орны жаратылады. Буннан тысқары, Бостанлық районында 28 миллион
доллар грант есабынан 20 мегаваттлы самал электр станциясы қурылмақта.
Ири жойбарлар қатарында Бостанлық районында қурылатуғын
Жоқары Пском ГЭСи айрықша әҳмийетке ийе. Баҳасы 365 миллион доллар болған бул
жойбардың қуўатлылығы 160 мегаватт, жыллық өндирис көлеми 484 миллион
киловатт-саат болады. Бул 161 мың шаңарақты электр энергиясы менен тәмийинлеў
имканиятын береди. Жойбарда жергиликли компонентлердиң үлеси 82 процент болады.
Фарғона ўәлаятының Сух районында "миллий жойбар"
принципи тийкарында Сух ГЭСин қурыў режелестирилмекте. Қуўатлылығы 15 мегаватт
болған бул станция жылына 50 миллион киловатт саат электр ислеп шығарып,
районның электрге болған талабының 71 процентин турақлы тәмийинлейди.
Жоқары Тупаланг суў артерияларының гидроэнергетикалық
потенциалы да көрип шығылды. "Тупаланг" суў сақлағышына қуйылатуғын
дәря ҳәм сайларда 42 киши ГЭС қурыў есабынан 541 мегаватт қуўатлылық жаратыў
ҳәм жылына дерлик 1,9 миллиард киловатт саат электр ислеп шығарыў имканияты
бар.
Жәҳән әмелиятында гидроаккумуляциялаўшы электр станцияларын
қурыў арқалы энергияны топлаў ҳәм қайта бөлистириў системалары кеңнен енгизилип
атырғаны атап өтилди. Мәмлекетимизде биринши болып 1,4 гигаваттлы 3 усындай
станцияны қурыў имканияты көрип шығылмақта.
Сондай-ақ, 164 мегаваттлы 2 мың 983 киши ҳәм микро ГЭС қурыў
режелери додаланды.
Санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў де
тараў нәтийжелилигин арттырыўдың әҳмийетли бағдары сыпатында белгиленди. Суў
сақлағышлар ҳәм гидротехникалық объектлерде суўдың дәрежеси ҳәм көлеми, басымы,
ҳаўа-райы мағлыўматлары, өндирис процесслерин онлайн бақлап барыў имканиятын
беретуғын санлы мониторинг системаларын басқышпа-басқыш енгизиў нәзерде
тутылған. Ҳәзирги ўақытта суў сақлағышлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў
мақсетинде 3,5 мың қадағалаў-өлшеў аппаратлары орнатылған.
Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге гидроэнергетика
тараўындағы жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, локализациялаў
дәрежесин арттырыў бойынша анық тапсырмалар берди.
Презентацияда пайтахтымыздағы дәрья ҳәм каналлардың
жағаларын абаданластырыў, жасалма көллер ҳәм суў бассейнлерин жаратып, салқын
қала климатын қәлиплестириў бағдарындағы жумыслар ҳаққында да мағлыўмат
берилди.
Атап айтқанда, "Жағалық бойы зонасы" жойбары
шеңберинде пайтахтымыз аймағынан өтетуғын Шыршық дәрьясының 16 километр
бөлегиндеги 306 гектар аймақты абаданластырыў режелестирилген. Жойбар бойларды
беккемлеў, жасыл аймақлар жаратыў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин
жайластырыўды нәзерде тутады. Бектемир каналының бойында 187,3 гектар жасыл
аймақ шөлкемлестирилип, сейил етиў орынлары, пиядалар ҳәм велосипед жоллары,
ишки жоллар, жақтыландырыў системалары, көпирлер қурылады.
Пайтахтымызда 4 жасалма көл ҳәм суў бассейнлерин
шөлкемлестириў жойбары да таныстырылды. Президентимиз қолайлы орталық ҳәм
салқын ықлым жаратыў ушын бул жетерли емес екенлигин атап өтип, олардың санын
12 ге жеткериў бойынша тапсырма берди.