Елимизде миллий өзлигимизди беккемлеў, бай тарийхый-мәнаўий мийрасымызды терең үйрениў, уллы ойшылларымыздың илимий мийрасын халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы миллий ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе заманагөй мәдений-ағартыўшылық платформа сыпатында қәлиплеспекте.

Презентацияда орай тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Усы жылдың 17-март күни орай өзиниң саўлатлы имаратында рәсмий жумыс баслады. Оған 1-июнь жағдайына бола ярым миллион жергиликли ҳәм сырт елли мийманлар келген. Күнине орташа 6 мыңға шамалас адам келеди. Бул дәўирде Орайға 150 ден аслам сырт ел делегациялары ҳәм 2 мыңнан аслам сырт ел мийманлары келди.

Орай қурамында Балалар музейи, Имам Бухарий инновациялық музейиниң жумысы жолға қойылды. Имаратқа Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы жайластырылған. Гид-экскурсоводлар ҳәм бақлаўшылар хызмети шөлкемлестирилди.

Илимий ҳәм инновациялық бағдарларда 810 жойбар әмелге асырылған. Оларда 2 мыңға шамалас жергиликли ҳәм сырт ел илимпазлары қатнасты.

Орайда конференциялар, семинарлар, дөгерек сәўбетлери, шеберлик сабақлары, китап презентациялары турақлы өткерилип келинбекте. Бүгинги күнге шекем бул илажларда 5 мыңнан аслам адам қатнасты.

Мәдений мийрасты қайтарыў бойынша да салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Өзбекстанға 1 мыңнан аслам экспонат қайтарылды. Орайдың китапхана фонды да байып бармақта. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 3 мыңнан аслам сийрек ушырасатуғын басылымлар бар болып, соннан 762 си майыплығы болған шахслар ушын мөлшерленген. Фонд санластырылмақта, электрон чиплер енгизилмекте.

Орайдың жумысына заманагөй технологиялар ҳәм санлы инновациялар кеңнен енгизилмекте. Келиўшилер ушын робот-гидлер сатып алынды, экспозицияларға мультимедиа ҳәм интерактив қурылмалар жайластырылды.

Орай "Дүньядағы ең ири ислам цивилизациясы музейи" сыпатында “Гиннестиң дүнья рекордлары китабы”на киргизилген.

Презентацияда орайды раўажландырыў бойынша гезектеги режелер де көрип шығылды.

Бәринен бурын, илимий-изертлеў ҳәм баспа жумысларын жаңа басқышқа көтериў мәселелери додаланды. Орайдың илимий журналын “Scopus” ҳәм “Web of Science” халықаралық базаларына киргизиў, илимий орайлардың бирден-бир интеграцияласқан платформасын жаратыў, қолжазбалардың санлы каталогын таярлаў режелестирилген.

Сондай-ақ, диний-ағартыўшылық тараўы магистрантлары ҳәм докторантлары ушын "Ислам ағартыўшылығы" стипендиясын енгизиў, дүньяға белгили илимпаз ҳәм экспертлердиң китап презентацияларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Кейинги басқышта орай жумысына 20 мың жасты, диний-ағартыўшылық тараўының ўәкиллерин, соның ишинде, имам-хатиблер ҳәм ҳаялларды тартыў режелестирилген.

Мәдений мийрасты қайтарыў бойынша гезектеги илажлар көрип шығылды. Жәҳән аукционлары, музейлер, жеке меншик коллекциялар ҳәм халықаралық көркем өнер базарларындағы Өзбекстанға байланыслы сийрек ушырасатуғын экспонатларды излеў, анықлаў, илимий үйрениў, экспертиза етиў, сөйлесиўлер алып барыў ҳәм Ўатанға қайтарыў бойынша турақлы механизм жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, дүнья бойлап Өзбекстан мәдений мийрасының турақлы мониторингин жолға қойыў, бирден-бир санлы мағлыўматлар базасын ҳәм мәдений мийрас объектлериниң халықаралық реестрин қәлиплестириў, Орайлық Азияда аналоги жоқ заманагөй илимий-изертлеў лабораториясын шөлкемлестириў режелестирилген.

Бул бағдарда Қытай, АҚШ, Германия, Франция, Уллы Британия сыяқлы сырт еллерде сақланып атырған Өзбекстан мәдений мийрасына байланыслы коллекциялар бойынша да жумыслар даўам еттириледи.

Медиа ҳәм халықаралық үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтиў режелери де додаланды.

 “Ислам цивилизациясы: тынышлық, кеңпейиллик ҳәм илим-ағартыўшылық жолы” атамасында I халықаралық Ислам форумын өткериў режелестирилген. Сондай-ақ, БМШтың Нью-Йорк ҳәм Женевадағы структуралары және UNESCОның Париждеги резиденциясында Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Мотуридий ҳәм Имам Термизий илимий мийрасына бағышланған арнаўлы презентациялар өткериў де нәзерде тутылмақта.

Орайдың презентацияларын 55 мәмлекетте шөлкемлестириў, “Исламда ҳаял-қызлардың орны” темасында халықаралық конференция ҳәм көргизбе өткериў, Оксфорд ислам изертлеўлери орайы, ICESCO, IRCICA, TURKSOY ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер менен биргеликте илимий-ағартыўшылық жойбарларды әмелге асырыўға көрсетпе берилди.

Сырт елли журналистлер ҳәм халықаралық медиа структуралар менен бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде пресс-турлар, халықаралық медиа клублар ҳәм медиа форумлар шөлкемлестириледи. Орайдың брендин глобал дәрежеде беккемлеў мақсетинде сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларда фотокөргизбелер, тематикалық презентациялар ҳәм дөгерек сәўбетлери өткериледи.

Имам Бухарий естелик комплексине баратуғын зыяратшылар ҳәм туристлер ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў, сапарларды тәртипли ҳәм мазмунлы шөлкемлестириў, мәлимлеме ҳәм гид хызметлерин жетилистириў мәселелери де көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы усынысларды мақуллап, Ислам цивилизациясы орайы халқымыздың бай мәдений мийрасы, ағартыўшылық дәстүрлери ҳәм Жаңа Өзбекстанның руўхый раўажланыўын дүньяға көрсететуғын орын болыўы зәрүрлигин атап өтти.

Жуўапкерлерге орайдың жумысын системалы раўажландырыў, илимий-изертлеў ҳәм баспа жумысларын кеңейтиў, мәдений мийрасты қайтарыўдың турақлы механизмин жаратыў, музей фондларын байытыў, санлы технологияларды енгизиў, халықаралық медиа үгит-нәсиятлаўды жаңа басқышқа көтериў бойынша тапсырмалар берилди.