Бул үлкен имарат транспорт ағымын оптималластырыў, ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм тығылысты азайтыўға хызмет етеди. Көпир қурылып атырған “Ширин” массивин Самарқанд қаласы ҳәм халықаралық аэропорт пенен байланыстырады.

Жойбардың баҳасы 310 миллиард сумды қурайды. Көпирдиң узынлығы – 780 метр, ени – 29,8 метр, бийиклиги – 2 метр. Қатнаў бөлеги төрт жолдан ибарат болып, суткасына 25 мыңға шекем транспортты өткериў қуўатлылығына ийе болады.

Объект пайдаланыўға тапсырылғаннан соң “Ширин” массивидан қала орайына шекемги аралық 23 километрден 4 километрге шекем қысқарады, жолға кететуғын ўақыт 30 минутқа азаяды.

Мәмлекетимиз басшысына жойбардың техникалық шешимлери, транспорт ағымын тәртипке салыў имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Усы жердиң өзинде белсендилер менен сөйлесиў болды.

- 2016-жылы Өзбекстанға тек ғана 1 миллион 200 мың турист келген. Бүгинги күнде тек ғана Самарқандқа жылына 5 миллион турист келеди. Усындай нәтийжелерди көз алдымызға келтириў мүмкин бе еди? Әлбетте, бүгин дүнья бәсеки тийкарында раўажланбақта. Биз де бул бәсеки шараятында өз позициямызды беккемлеўимиз керек.

Егер жойбарларды дурыс ислеп шығып, логистиканы ақылға уғрас шөлкемлестирсек, халықтың қәрежетин ҳәм жолдағы ўақытын қысқартыў мүмкин. Себеби, қала адамлар ушын!

Бул көпир мениң арзыўлы мақсетлеримниң бири еди. Бүгин бул әрманым әмелге асты, – деди Президент.

Қала адамларға хызмет етиўи керек, деген пикирди даўам еттирип, мәмлекетимиз басшысы ҳәр биримиздиң халық ҳәм Ўатан алдындағы жуўапкершилигимизди атап өтти:

- Кешеги шығып сөйлеген сөзимде "өзимиздики", "өзимиз", "өзлигимиз", "бизлердики" деген сөзлерге қайта-қайта итибар бердим. "Мен өзбекстанлыман, халқым ушын ҳәрекет етип атырман, халқым ушын оқып атырман, келешегим ушын ҳәрекет етип атырман" деген исеним менен жасаўымыз керек.