Мәмлекетимиз басшысы барлық устаз ҳәм тренерлерди кәсиплик байрамы менен қутлықлап, олардың жас әўлад тәрбиясындағы орны ҳаққында сөз етти.

- Муғаллим - меҳир дәрьясы, муғаллим - жақсылық булағы, муғаллим - ағартыўшылық қуяшы! - деди Президентимиз.

Бүгин жасалма интеллект билим алыў ҳәм мийнет етиў усылларын өзгертип атыр. Бирақ ҳеш бир технология баланың қәлбине устаз сыяқлы жол таўып, оған Ўатанға муҳаббат ҳәм жуўапкершилик сезимин сиңдирип бере алмайды. Усы мәниде, мәмлекетимиз басшысы өмирин жаслардың камалға келиўине бағышлаған педагогларға миннетдаршылық билдирди.

Ушырасыўда билимлендириў ҳәм илим пидайыларының бир топарына мәмлекетлик сыйлықлар тапсырылды. Сыйлықланғанлар арасында устазлар менен бирге билимлендириўдиң раўажланыўына үлес қосып атырған исбилерменлер ҳәм сырт елли бирге ислесиўшилер де бар. Сондай-ақ, билимлендириўдиң барлық буўынларындағы алдынғы педагоглар ушын Абдулла Авлоний атындағы айрықша мәмлекетлик сыйлықты шөлкемлестириў, оның дәслепки ийелерин келеси жылы байрам алдында сыйлықлаў усыныс етилди.

Президент билимлендириўди раўажландырыў Жаңа Өзбекстанды қурыўдың ең әҳмийетли буўыны екенин атап өтти. Кейинги он жылда 1 миллион 800 мың орынға ийе бақшалар ҳәм 1,5 миллион орынға ийе мектеплер қурылды, 10 мыңнан аслам билимлендириў мәкемеси заманагөй көриниске келтирилди. Ҳәзирги ўақытта билимлендириўде имаратлардан да әҳмийетлирек мәселе - оқытыўдың мазмуны ҳәм сапасы екени атап өтилди.

- Биз балаларымызды пахта атызынан - мектеп партасына, муғаллимлерди - билимлендириў процесине қайтардық,-деди мәмлекетимиз басшысы.


Усы мақсетте 2018-жылдан жаңа әўлад сабақлықларын жаратыў басланған еди. Сырт ел тәжирийбеси үйренилип, 8-классқа шекемги сабақлықлар жаңаланды. Тек ғана усы жылы 400 ден аслам қәнигениң қатнасыўында 324 сабақлық қайта исленди. Олар балаларда миллий қәдириятлар, тәбиятқа жуўапкершиликли қатнас, санлы ҳәм финанслық саўатлылық пенен бирге еркин және сын көзқарастан пикирлеў көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған. 2030-жылға шекем жоқары класслар ушын сабақлықларды жаңалаў жумыслары да жуўмақланады.

Реформалардың нәтийжеси оқыўшылардың жетискенликлеринде көринбекте. PISA рейтингинде 15 жасар оқыўшылар тәбийғый пәнлер бойынша 32 текше жоқарылап, 48-орынды ийеледи. Усы жылдың өзинде жаслар абырайлы олимпиадаларда 228 медальға ийе болды. Мектеп дәўиринде-ақ шет тили ҳәм пәнлер бойынша сертификат алған оқыўшылардың саны 100 мыңға жетти.

Педагогларды қоллап-қуўатлаў да өз нәтийжесин бермекте. Халықаралық ҳәм миллий сертификатқа ийе муғаллимлердиң саны бес жылда 29 мыңнан 143 мыңға артты, мектеплерде муғаллим жетиспеўшилиги үш есеге азайды. Бүгин 40 мың муғаллим 1 мың доллардан, және 1,5 мыңы 2 мың доллардан жоқары айлық алмақта. "Жыл муғаллими" таңлаўы бақша тәрбияшылары ҳәм техникум усталарын да қамтып алыўы усыныс етилди.

Келешектеги ўазыйпаларға тоқтап, Президент мектеп питкериўшиси үлкен өмирге кәсип ҳәм шет тилин ийелеўи зәрүр екенлигин атап өтти. Мектеп директорларына бул бағдарда қосымша ўәкилликлер бериледи, бирге ислесиўге таяр исбилерменлер ушын шараят жаратылады. Жасларды мектептен баслап кәсипке таярлаў ҳәм билимлендириў басқышлары арасындағы избе-изликти тәмийинлеў бойынша комиссия дүзилип, үш ай ишинде жаңа шешимлер жәрияланады.


Экономиканың технологиялық раўажланыўы ушын математика, физика, химия ҳәм биологияны терең оқытыўға айрықша итибар қаратылады. Оқыўшылар саны 25 тен асқан классларда бул пәнлер еки топарға бөлинип оқытылады. Миллий сертификатқа ийе муғаллимлерге 50 процент үстеме төленеди, ҳәр жылы 208 район ҳәм қаладағы жетекши муғаллимлерге сыйлық бериледи, мың педагог сырт елде стажировка өтейди. Олимпиада жеңимпазларын таярлаған устазлар тиккелей жоқары категорияға ийе болады.

Баслаўыш класслар ушын да пән олимпиадалары жолға қойылады. Келеси жылдан 4-класслар арасындағы таңлаў жеңимпазлары компьютер, олардың устазлары болса басқышына қарап ақшалай сыйлықлар менен хошаметленеди. Жаңа оқыў жылынан 100 мектепте математика, информатика ҳәм тәбийғый пәнлер айырым классларда толық инглис тилинде оқытылады. Бул жойбар муғаллимлери ҳәм мектепке таярлаў топары педагогларына 100 процент үстеме белгиленеди.

Мектеплердиң жумысын баҳалаў ушын "сапа индекси" енгизиледи. Билимлендириў нәтийжелери ҳәм педагоглардың потенциалына қарап мәкемелер категорияларға ажыратылады. Алдынғы мектеплер өз тәжирийбеси арқалы басқалардың да жоқары категорияға өтиўине жәрдемлессе, олардың педагогикалық жәмәәти 30 процент үстеме алады. Оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыўда болса мәжбүрий бир айлық курслар орнына кәсиплик раўажланыў ваучерлери бериледи. Педагоглар өз нәтийжесине қарап 18 сааттан 72 саатқа шекемги оқыўды еркин таңлайды.

Оқыўшы орынларына талап артып баратырғаны мүнәсибети менен жеке меншик мектеплерди қоллап-қуўатлаў илажлары да жәрияланды. Оқыў жүклемеси жоқары 52 районда оларды шөлкемлестириў ушын жеңиллетилген кредит ҳәм субсидия ажыратылады. Бос турған мәмлекетлик имаратлар жеке меншик мектеплерге он жылға бийпул ижараға бериледи, халықаралық аккредитация қәрежетиниң ярымы қапланады. Перзенти жеке меншик мектепте оқыйтуғын ата-аналар ушын салық алынбайтуғын дәрамат шегарасы еки есеге арттырылады.

Айрықша мүтәжликке ийе балалардың теңлеслери менен бир орталықта оқыўына да итибар күшейтиледи. Еки жылда инклюзив шараят жаратылған мектеплердиң саны дерлик бес есеге артып, 3 мың 591 ге жетти. Ташкентте жумыс баслаған көп функциялы инклюзив ресурс мектеби тәжирийбеси жылдың ақырына шекем Хорезм, Жиззақ ҳәм Самарқанд ўәлаятларында, келеси еки жылда болса барлық аймақларда енгизиледи.

Мектепке шекемги билимлендириўде бақша баланың қәбилети ашылатуғын орынға айланыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылған, ойын арқалы билим бериўге қаратылған бағдарлама бойынша 180 мың тәрбияшы ҳәм педагог оқытылмақта. Жылдың ақырына шекем бағдарлама 38 мыңнан аслам бақшаның барлығына енгизиледи. Ташкентте ЮНЕСКО қәўендерлигиндеги регионаллық орай ҳәм Италияның Режжио Эмилия орайының жумысы жолға қойылды. Мәмлекетлик бақшаларды заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў үш жыллық бағдарлама тийкарында әмелге асырылады.

Жумыслы аналарды қоллап-қуўатлаў ушын келеси жылы 1-январьдан 2-3 жасар перзентин шаңарақлық бақшаға берген ҳаял-қызлардың төлем пулы бюджеттен қапланады. Тәрбияшыларға жумыс ислеп атырып жоқары мағлыўмат алыў имканияты кеңейтиледи. Келеси оқыў жылынан олар ушын педагогикалық жоқары оқыў орынларында оқыў мүддети төрт жылдан үш жылға қысқартылады; бақшаларда кеминде бес жыл ислеген тәрбияшы жәрдемшилери де буннан пайдалана алады.


Профессионал билимлендириўде соңғы еки жылда 104 техникумға халықаралық бағдарламалар енгизилди. Техникумлардың 25 мың кәрхана менен бирге ислесиўи 100 мыңнан аслам жасқа оқыў менен бир ўақытта дәрамат табыў имканиятын берди. Дуал билимлендириўде кәсип үйренип атырғанларға 1 миллион 300 мың сумға шекем стипендия төленбекте. Келеси жылдан халықаралық кәсип сертификатына ийе усталарға 50 процент үстеме бериледи, ҳәр жылы 500 уста сырт елде стажировка өтейди.


Биринши мәрте өткерилген "Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери" кәсиплик таңлаўында 170 мың оқыўшы қатнасты. Таңлаў ҳәр жылы өткериледи, ең мүнәсип қатнасыўшылар 2028-жылы Токиодағы кәсиплер бойынша жәҳән чемпионатына таярланады. Жеке меншик техникумлар шөлкемлестириў ушын салық ҳәм жер бойынша жеңилликлер бериледи. Әҳмийетли тараўларға кадр таярлайтуғын бундай мәкемелер оқыўшыларының ярымы мәмлекетлик грант пенен қамтып алынады, халықаралық бағдарламаларды алып келиў ҳәм лабораторияларды үскенелеў қоллап-қуўатланады.

Жоқары билимлендириў ҳаққында сөз болып, мәмлекетимизде студентлер саны 1 миллион 600 мыңға жеткени, жети жоқары оқыў орны 17 пән бойынша халықаралық рейтинглерге киргени атап өтилди. Соның менен бирге, Президент университетлердеги сабақлықлардың мазмуны ҳәм қәнигелер таярлаў сапасы бүгинги талапқа толық жуўап бермей атырғанын сынға алды. Инженерлик ҳәм медицина жоқары оқыў орынлары заманагөй бағдарлар бойынша жаңа оқыў әдебиятларын жаратыў, алдынғы сырт ел китапларын аўдарыў ҳәм бейимлестириў жумысларын күшейтиўи зәрүр.

Ректорлардың билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжеси ушын жуўапкершилиги арттырылады. Мәмлекетлик университетлердиң бақлаў кеңеслери ағзаларының үштен еки бөлеги жеке меншик сектор ҳәм сырт ел жоқары оқыў орынларының ўәкиллеринен қәлиплестириледи. Кеңеслер оқыў бағдарламаларын мийнет базарының талаплары тийкарында қайта көрип шығады, ҳәр жылы кеминде 50 сабақлық жаратады. Питкериў жумыслары ҳәм илимий изертлеўлер экономика тармақларының әмелий мәселелерине қаратылады.

Жоқары оқыў орынларында халықаралық стандартларға тийкарланған, дүньяда тән алынатуғын миллий бағдарламаларды кеңейтиў ўазыйпасы қойылды. Инха ҳәм Архитектура университетлериниң тәжирийбеси келеси жылдан және 20 жоқары оқыў орнында енгизиледи. Буның ушын олардың басқарыў системасы бейимлестирилип, халықаралық бағдарламалар менен ислейтуғын өз алдына структуралар шөлкемлестириледи.

Ушырасыўда жоқары билимлендириўде "кәрхана - жоқары оқыў орны - мақсетли кадр" принципи тийкарында дуал билимлендириўди раўажландырыў бойынша қол қойылған қарар да додаланды. Система келеси жылдан 75, 2028-жылдан барлық жоқары оқыў орынларында жолға қойылады. Кәрханалар өз талабына сай талабанларды оқытыў ушын буйыртпа береди, олар сәўбетлесиў тийкарында қабыл етиледи. Жумысқа алынған студентке төленген айлықтың ярымын мәмлекет қаплайды; жумыс ҳәм оқыўда жақсы нәтийже көрсеткен жаслар екинши курстан мәмлекетлик грант тийкарында оқыйды.


Сондай-ақ, кәрханадан студентке бириктирилген устазлар хошаметленеди, зәрүр жағдайларда студенттиң ижара қәрежети қапланады. Дуал билимлендириўди үлгили шөлкемлестирген жоқары оқыў орынлары ҳәм бирге ислесиўши кәрханаларға сыйлық бериледи. Жоқары оқыў орны алған сыйлықтың ярымы бул жумысқа үлес қосқан педагоглар жәмәәтине қаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы дүньяның ең күшли 300 университетиниң филиалларын мәмлекетимизге тартыў ўазыйпасын да белгиледи. Абырайлы университетлер франшизасын алып келген жеке меншик жоқары оқыў орынларының лаборатория, үскене, бренд ҳәм кампус пенен байланыслы қәрежетлериниң бир бөлеги қапланады. Инженерлик, аўыл ҳәм суў хожалығы, энергетика, жасалма интеллект ҳәм медицина бағдарларына үстинлик бериледи.

Ушырасыў даўамында педагоглардың пикир-усыныслары тыңланды. Жуўмағында Президент устазларды кәсиплик байрамы менен және бир мәрте қутлықлап, оларға шәкиртлериниң табысы, ата-аналардың пәтиясы ҳәм ел-журт ҳүрмети ҳәмийше жолдас болыўын тиледи.

- Устазды қәдирлеў - бир кәсип ийесин емес, пүткил бир миллеттиң келешегин қәдирлеў деген сөз,-деди мәмлекетимиз басшысы.