Мәмлекетимиз басшысы шахматшыларымызды Самарқандта
болып өткен 46-жәҳән шахмат олимпиадасындағы тарийхый жеңиси менен және бир
мәрте қутлықлады.
- Бәршеңизди, пүткил Өзбекстан халқын еки мәрте
Олимпиада чемпионы деген жоқары ҳәм абырайлы атақ пенен қутлықлайман! - деди
Президентимиз.
Самарқанд Олимпиадасына 200 ден аслам мәмлекеттен 2
мыңға шамалас шахматшы, соның ишинде, ең күшли гроссмейстерлер ҳәм ҳәзирги
чемпионлар қатнасты. Усындай күшли бәсеки шараятында жерлеслеримиз Өзбекстан
байрағын минбердиң ең жоқары басқышына көтериўге еристи. Бул жеңистиң өз
жеринде, пүткил халқымыздың көз алдында әмелге асырылғаны оның әҳмийетине
айрықша әҳмийет бағышлады.
Жарысты тиккелей бақлаў ушын 60 мыңнан аслам
жергиликли ҳәм сырт елли мийманлар Самарқандқа келди.
Шахматшылардың ойынларын аймақлардағы 500 мыңға
шамалас ықласбент, телевидение ҳәм интернет арқалы миллионлаған ўатанласларымыз
толқынланып бақлады.
Президентимиз шешиўши ойынларға тоқтап өтип, әмелдеги
Олимпиада чемпионы - Ҳиндстан сайланды командасына қарсы ушырасыўға айрықша
тоқтап өтти. Нодирбек Яқуббоев Никҳал Сарин менен ойындағы аўыр жағдайға
қарамастан, ойын ақырына шекем гүрести даўам еттирди. Ол қарсыласларының
қәтесинен пайдаланып, бир қатар тактикалық ҳәрекетлерди әмелге асырып,
командамызға анық жеңис алып келди.
Буннан кейин Өзбекстан сайланды командасы жетекшиликке
шықты. Шахматшыларымыз Қытай сайланды командасын 3:1 есабында жеңди, сондай-ақ,
жәҳән рейтингиниң жетекшиси, алты мәрте Олимпиада чемпионы болған АҚШ сайланды
командасын жеңип шықты.
Нодирбек Абдусатторов турнирде бирде-бир жеңилиссиз
қатнасып, биринши тахтада алтын медаль ийесине айланды. Оның дүнья рейтингинде
үшинши орында турған Фабиано Каруана үстинен өткерилген қурамалы эндшпилдеги
жеңиси айрықша атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Жавоҳир Синдаровтың Талабанлар
турнириндеги тарийхый жеңиси ҳаққында да айтып өтти. Ол Олимпиадада да
сабырлылық ҳәм турақлылықты көрсетти. Президентимиз Жавоҳирдиң жәҳән шахмат
тажы ушын болажақ беллесиўде табыслы қатнасыўына пүткил Өзбекстан халқы
исенетуғынын атап өтти.
Олимпиада дебютанты Муҳиддин Мадаминов шешиўши күнде
украиналы Роман Дехтаровты қара реңде жеңип, командамызға алтын медаль ушын
зәрүр болған очко алып берди. Шамсиддин Воҳидов болса ҳәзирги жәҳән чемпионы
Гукеш пенен теңдей қара реңде гүрес алып барды. Атап өтилгениндей, бул жеңиске
ҳәр бир команда ағзасының үлеси бар.
Олимпиадада Өзбекстаннан 6 сайланды команда - 3 ер
адам ҳәм 3 ҳаял-қыз қатнасты. Екинши ерлер сайланды командасы болса дүнья
рейтингинде алтыншы орында турған Голландия үстинен ири жеңиске еристи. Үшинши
сайланды команда қурамында қатнасқан 17 жаслы Асроржон Омонов 8 партияда 7
жеңиске еристи.
- Бизде 2-3 шахматшы емес, ал күшли шахматшылардың
пүткил бир әўлады бар, десек, алжаспаған боламыз,-деди Президентимиз.
Ҳаял-қызлар сайланды командалары да сабырлылық
көрсетти. Биринши сайланды команда 11 турдан жетеўинде жеңиске еристи ҳәм күшли
қарсыласлар менен теңдей есапта ойнады. Афруза Ҳамдамова, Гүлрухбегим
Тоҳиржонова, Умида Омонова, Нилуфар Имомқулова, Гулдона Каримова ҳәм басқа да
шахматшылардың мийнети атап өтилди. Мәмлекетимиз басшысы келешекте өзбекстанлы
шахматшы қызларымыз да Олимпиада минбериниң ең жоқары басқышына
көтерилетуғынына исеним билдирди.
Самарқандта болып өткен үшинши ФИДЕ шахмат олимпиадасында
Өзбекстан сайланды командасы дәслепки мәрте бронза медалын қолға киргизди. Өз
тахтасында 7 партияда 6 очко топлаған Селби Какишова гүмис медалды қолға
киргизди. Абдулазиз Баҳодиров жеке есапта бронза медалын қолға киргизген болса,
Аҳадхан Кимсанбаев жарысты бирде-бир жеңилиссиз жуўмақлады. Президентимиз
парашахматшылардың ерк-ықрары ҳәм мийнетин жоқары баҳалады.
Ушырасыўда бул нәтийжелердиң артында спортшылардың
ата-аналары, дәслепки устазлары, тренерлери ҳәм оларды қоллап-қуўатлаған
командасы бар екенлиги атап өтилди. Президентимиз өз тәжирийбеси ҳәм билимлерин
жаңа әўладқа жеткерип атырған жәҳән чемпионы Рустам Қасымжановтың хызметин
айрықша атап өтти.
- Устаздың ең үлкен табысы - шәкиртлериниң және де
жоқары шеклерге шығыўы! - деди мәмлекетимиз басшысы.
Өзбекстан шахмат федерациясының ФИДЕ тәрепинен
"Ең жақсы федерация" деп тән алынғаны, Рустам Қасымжанов ФИДЕниң
ҳүрметли вице-президенти, Ҳулкар Тоҳиржонова болса ФИДЕниң Орайлық Азия бойынша
регионаллық президенти етип сайланғаны мәмлекетимиздиң жәҳән шахматындағы
абырайы артып баратырғанынан дәрек беретуғыны атап өтилди.
- Бул нәтийжелер тосыннан емес. Бул - мектеп, бул -
система, бул - өзбек шахматының жаңа басқышы, - деди Президент.
2018-жылы қабыл етилген қарарға муўапық, мектеплерде
шахмат оқытыў жолға қойылды, тренерлер таярлаў жолға қойылды ҳәм шахмат
дөгереклерин раўажландырыўға старт берилди. Соңғы он жылда 17 шахматшымыз
халықаралық гроссмейстер атағын алған болса, олардың бесеўи ҳаял-қызлар болып
табылады.
Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Өзбекстанды тек ғана
Олимпиада чемпионы емес, ал жәҳән шахмат орайына айландырыў мақсетин атап өтти.
Буның ушын елимизде тәжирийбеге ийе, жоқары нәтийжелерге ерискен, жасларға үлги
бола алатуғын чемпионлар бар екенлиги атап өтилди. Олардың табысларынан
руўхланған мыңлаған балалар шахматқа келип, жаңа талант ийелериниң табылыўына
беккем тийкар жаратпақта.
Усы мақсетте ҳәр бир аймақ, район ҳәм мәҳәлледе
қәбилетли балаларды ерте анықлаў, оларға күшли устазларды бириктирип,
халықаралық турнирлерде турақлы қатнасыўы ушын шараят жаратыў ўазыйпасы
қойылды. Ҳаял-қызлар шахматы ҳәм парашахматын раўажландырыў бойынша өз алдына
система жаратылады.
Самарқанд, Хорезм ҳәм Ферғанада Ташкент халықаралық
шахмат академиясының аймақлық филиаллары ашылады. Академияда жоқары категориялы
тренерлер таярлаў жолға қойылады. ФИДЕ рейтингинде 1 мың 500 баллдан жоқары
балл топлаған шахматшылардың жеке меншик клубларда оқыў қәрежетлериниң ярымы
мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.
Буннан тысқары, «Uzbekistan Grand Chess»
миллий бренди астында халықаралық турнирлер турақлы өткерип барылады.
Президентимиз Жаңа Ташкентте 500 орынлық ойын залы, турақ жай ҳәм спорт
майданшаларынан ибарат заманагөй шахмат сарайын қурыўды усыныс етти.
Мәжилисте шахмат ҳәм пара шахмат олимпиадасының
жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери және олардың тренерлерин хошаметлеў бойынша
қабыл етилген қарар ҳаққында мәлимлеме берилди. Ҳүжжетке муўапық, чемпионларға
турақ жай ҳәм автомобиллер саўға етилди. Сондай-ақ, бронза медалын қолға
киргизген пара шахматшылар турақ жай ҳәм автомобиллер менен сыйлықланды. Сайланды
командалардың бас тренерлери Рустам Қасымжанов ҳәм Самандар Шермухамедовқа
автомобиллер тапсырылады.
Олимпиада чемпионы болған шахматшылардың ҳәр бирине
200 мың доллардан, олардың тренерлерине 50 мың доллардан ақшалай сыйлық
ажыратылды. Бронза медалын қолға киргизген ҳәр бир парашахматшыға 50 мың
доллардан, олардың тренерлерине болса 12 мың 500 доллардан пул тапсырылды.
Президентимиздиң пәрманына муўапық, Ўатанымыздың
абырайын арттырыўға қосқан үлеси, шеберлиги ҳәм пидайылығы ушын бир топар шахматшылар,
олардың устазлары ҳәм тараў ғайраткерлери мәмлекетлик сыйлықлар менен
сыйлықланды. Ушырасыўда усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.
Мәмлекетимиз басшысы бул сыйлықлар спортшылардың тек
ғана бүгинги жетискенликлериниң тән алыныўы емес, ал келешектеги табысларына
исеним белгиси екенин атап өтти.
Шығып сөйлеген спортшылар, олардың ата-аналары,
устазлары ҳәм тренерлери шахматты раўажландырыўға қаратылып атырған итибары,
жаратылып атырған қолайлы шараятлар ҳәм ерисип атырған жетискенликлери жоқары
баҳаланып атырғаны ушын мәмлекетимиз басшысына терең миннетдаршылық билдирди.
Ушырасыў соңында сайланды команда ағзалары ҳәм олардың
ата-аналары менен биргеликте сүўретке түсти.