Өзбекстанда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм перспективалы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

«ROX Group» - 1996-жылы шөлкемлестирилген Вьетнамның жетекши көп тармақлы инвестициялық топарларынан бири. Компания көшпес мүлк, энергетика, банк, мийманхана бизнеси ҳәм хызметлер тараўларында ири жойбарларды әмелге асырмақта.

Өзбекстанда заманагөй қала ҳәм санаат инфраструктурасын раўажландырыў, қайта тикленетуғын энергетика, геология, қаржы ҳәм туризм тараўлары тийкарғы бағдарлар сыпатында белгиленди.

Ушырасыў жуўмағында "жол картасы" тийкарында компания қатнасыўында әмелге асырылып атырған ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириўге келисип алынды.