Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Хорезм ўәлаяты басқармасы ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери менен биргеликте оператив илаж өткерилген.

Илаж даўамында "Хорезм суў тәмийнаты" АЖ юридикалық инспекторы З.А. айғақлы дәлиллер менен усланған. Мәлим етилиўинше, ол алдын судланған болып, пуқара О.А.ның исенимине кирген.

Инспектор сыяқлы жоқары лаўазымларда ислейтуғын таныслары арқалы саўда шақапшасын ишимлик суўы тәмийнатына жалғап, техникалық шәрт ҳүжжетлерин рәсмийлестирип бериўин ўәде еткен ҳәм буның есесине 6 млн сум алған.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.