Бүгин санлы технологиялар турмысымыздың барлық тараўларына терең кирип барып атырған екен, мәлимлеме системалары, әҳмийетли инфраструктура ҳәм жеке мағлыўматларды қорғаў мәселеси барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Киберқәўипсизлик енди тек ғана қәнигелердиң жумысына байланыслы тараў емес, ал мәмлекетлер, бизнес ўәкиллери ҳәм пүткил жәмийет алдында турған әҳмийетли ўазыйпалардан бирине айланып үлгерди. Бундай шараятта халықаралық тәжирийбе алмасыў, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели шешимлерди додалаў ҳәм маман қәнигелердиң потенциалын арттырыў айрықша әҳмийетке ийе.
Усы жыл 5-7-октябрь күнлери Ташкент қаласында өткерилген "Киберқәўипсизлик саммити – Орайлық Евроазия, CSS 2026" халықаралық илажы да әне усы мақсетлерге хызмет етти. Киберқәўипсизлик орайы ҳәм Уллы Британияның "Dialogue Events" компаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилген илаж регионаллық ҳәм халықаралық кибер жәмийетшилик ўәкиллерин бир майданда жәмледи. Онда 30 мәмлекеттен 600 ден аслам делегат қатнасты ҳәм тараў шеңберинде бир қатар презентациялар тыңланды.
Додалаўларда глобал киберқәўиплердиң өзгериўшең тәбияты, әҳмийетли инфраструктураны қорғаў, бизнес активлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм санластырыў имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелерине итибар қаратылды.
Заманагөй киберҳүжимлер мәмлекет шегаралары менен шекленбейди. Бир аймақта жүзеге келген әззилик яки әмелге асырылған ҳүжим басқа мәмлекет ҳәм шөлкемлердиң жумысына да тәсир көрсетиўи мүмкин. Сонлықтан киберқәўипсизликти тәмийинлеўде халықаралық бирге ислесиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм өз-ара муўапықластырылған қатнасларды раўажландырыў әҳмийетли болып есапланады.
Саммитте қатнасқан Францияның “Expertise France” шөлкеми Тынышлық, турақлылық ҳәм қәўипсизлик департаменти директорының орынбасары Бенедикт Борель де регионаллық бирге ислесиў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўдың әҳмийетин айрықша атап өтти.
- Биз илажда Өзбекстан ҳәм Орайлық Азияның басқа да мәмлекетлеринде киберқәўипсизлик бойынша әмелге асырып атырған жойбарларымыз тәжирийбесин усындық. Бул саммитте екинши мәрте қатнасыўымыз. Өзбекстанның бундай кең көлемли илажды шөлкемлестире алғаны, киберқәўипсизлик ҳәм заманагөй шешимлер додаланып атырғанын көриў оғада қуўанышлы, – дейди Бенедикт Борель.
Оның атап өтиўинше, Европа ҳәм Орайлық Азия арасындағы бирге ислесиў ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң тәжирийбеси ҳәм билимлерин бирлестириў имканиятын береди. Бир мәмлекетте нәтийжели нәтийже берген шешимди басқасының шараятына бейимлестириў мүмкин. Себеби киберқәўипсизлик машқалалары глобал характерге ийе ҳәм оларға қарсы нәтийжели гүресиў ушын бирге ислесиўге тийкарланған улыўмалық қатнас зәрүр.
Әзербайжан Республикасы Санлы раўажланыў ҳәм транспорт министрлиги жанындағы Миллий киберқәўипсизлик агентлигиниң ўәкили Эльман Мурадов та саммитте қатнасыў имканияты ушын шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирди.
- Агентлигимизге көрсетилген итибар ҳәм қызғын мирәт ушын Өзбекстан Киберқәўипсизлик орайына миннетдаршылық билдиремиз. Бундай илажда қатнасыў Орайлық Азиядағы ҳәм оннан тысқарыдағы кәсиплеслер менен пикир ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын әжайып имканият болып есапланады, – деди Эльман Мурадов.
Саммит шеңберинде “Cyberkent 4.0” жарыслары да болып өтти. Онда қатнасыўшылар теориялық билимлерин әмелий ўазыйпаларда сынақтан өткерип, өз-ара бәсеки ҳәм тәжирийбе алмасыў арқалы кәсиплик шеберликлерин көрсетти. Халықаралық саммиттиң әҳмийетли қурамлық бөлимлеринен бири болған жарыс киберқәўипсизлик тараўындағы билим ҳәм көнликпелерди әмелий шараятта сынақтан өткериў, қәбилетли қәнигелерди анықлаў ҳәм жаслардың тараўға болған қызығыўшылығын арттырыўға қаратылды.
“Cyberkent 4.0ниң “Red team” (ҳүжимши команда), “Blue team” (қорғаўшы команда), ашық тапсырмалар, “CyberQuiz” викторинасы, “Bug Bounty”, “Cybermergan”, “Cybermuloqot” семинар-тренинг сыяқлы жети бағдары қатнасыўшыларда үлкен қызығыўшылық оятты. Командалар киберҳүжимлерди анықлаў, системаларды қорғаў ҳәм бар болған әззиликлерди табыў сыяқлы ўазыйпаларды орынлады. Жарыстың халықаралық көлемде өткерилиўи оның әҳмийетин және де арттырды.
- Киберқәўипсизлик қәўип-қәтерлери трансшегаралық өзгешеликке ийе, – дейди Беларусь ўәкили Аляксей Тсембалов. - Сол себепли Ташкент сыяқлы майданларда тәжирийбе алмасыў, өз билим ҳәм көнликпелеримизди көрсетиў және басқа мәмлекетлерден келген кәсиплеслер менен пикирлесиў оғада әҳмийетли. Биз быйылғы жарысларда еки команда менен қатнастық. Бул топарларымыз ушын өз потенциалын көрсетиў, жаңа тәжирийбе арттырыў ҳәм басқа да қәнигелер менен профессионал байланысларды раўажландырыў имканияты болып есапланады.
"Enersok" компаниясының мәлимлеме қәўипсизлиги бойынша басшысы (CISO) Қуёшбек Мирзакамолов саммитте екинши мәрте қатнасып атырғанын айтып, бундай илажлардың тараўдың раўажланыўы ушын әҳмийетине тоқтап өтти.
- Бүгинги күнде киберқәўипсизлик тараўында жаңа басқышқа шығыў, қәнигелерди бир майданда жәмлеў ҳәм әсиресе, жасалма интеллект раўажланып атырған дәўирде жүзеге келип атырған қәўип-қәтерлерге мүнәсип жуўап қайтарыў оғада әҳмийетли. Бундай илажлар тараў ўәкиллерине өз-ара пикир алысыў ҳәм биргеликте шешим излеў имканиятын береди.
Қуяшбек Мирзакамолов “Cyberkent 4.0” жарысларының әмелий тәреплерин де айрықша атап өтти. Оның пикиринше, “Red team” ҳәм “Blue team” командаларының реал жағдайларға жақын сценарийлерде жарысыўы қәнигелер ушын пайдалы тәжирийбе мектеби болып есапланады. Себеби, бул процессте қорғаныў механизмлерин сынаў, әззиликлерди анықлаў ҳәм жүзеге келиўи мүмкин болған қәўип-қәтерлерге таяр турыў көнликпелери раўажланады.
Ашық тапсырмалардың “CTF Master” бағдары қатнасыўшылардың техникалық билим ҳәм машқалаларды шешиў көнликпелерин сынақтан өткерген болса, “The AI Underworld” жасалма интеллект пенен байланыслы қәўип-қәтерлер ҳәм ҳүжим сценарийлерин таллаўға қаратылды. "Attack Surface AI" шеңберинде болса жасалма интеллект системаларындағы итималлы әззиликлерди анықлаў ҳәм олардың қәўипсизлигин баҳалаў ўазыйпалары орынланды.
Таңлаў бағдарламасынан орын алған “Cybermuloqot” семинар-тренинг болса жаслар ҳәм тараў қәнигелери арасында тәжирийбе алмасыў ушын имканият жаратыўға қаратылды.
Достонбек ТЎРАЕВ,
Киберқәўипсизлик орайының баспасөз хаткери.