Тәреплер бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанын атап өтти: биргеликте улыўма баҳасы 4 миллиард доллардан аслам жойбарлар портфели қәлиплестирилди, жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў бойынша қол қойылған келисимлер көлеми 200 миллион долларға жетти. Банктиң 2027-2031-жылларға мөлшерленген Мәмлекетлик стратегиясы шеңберинде келеси жылдың өзинде Өзбекстанда қаржыландырыў көлемин 500 миллион долларға жеткериў режелестирилген.
Бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары, соның ишинде, транспорт инфраструктурасы, энергетика, соның ишинде, гидроэнергетика ҳәм химия санааты тараўларындағы жойбарлар, сондай-ақ, Жаңа Ташкентти қурыўда Банктиң қатнасыўы додаланды.
"МИПТ ЖИ кластери" жойбарын әмелге асырыў бойынша меморандумға қол қойылды. ЕАРБ санлы инфраструктураны жаратыў ҳәм жасалма интеллектке тийкарланған шешимлерди енгизиўде техникалық жәрдем көрсетеди.
Сондай-ақ, сапар шеңберинде ЕАРБ тәрепинен UzAirports ҳәм Әзербайжан-Өзбекстан инвестициялық компаниясы менен меморандумларға қол қойылды. Олар биргеликтеги жойбарларды қаржыландырыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған.