Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитети баслығының биринши орынбасары Нурмат Атабековтың мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде эпидемиологиялық жағдай турақлы. Мониторинг нәтийжелерине бола, ОРВИ менен кеселлениў дәрежеси эпидемия шегарасынан 38,4 процентке төмен.

Инфекциялардың тарқалыўының алдын алыў мақсетинде ҳәр күни кеселлениў жағдайы мониторинг етилип, оператив штаблар шөлкемлестирилген. Елимизде 40 қа шамалас жуқпалы кеселликлер емлеўханасы ҳәм 165 районлық медицина бирлеспеси жанында жуқпалы кеселликлер бөлимлери жумыс алып бармақта. Тараўға байланыслы илимий-медициналық мәкемелер, Ташкенттеги бес жуқпалы кеселликлер емлеўханасы да наўқасларды қабыл етиў ҳәм емлеўге таяр. Инфекция қозғатыўшыларын анықлаў бойынша лабораториялық тексериўлер 15 вирусология лабораториясында өткериледи.

Грипптиң алдын алыўға айрықша итибар қаратылмақта, себеби 6 жасқа шекемги балалар, кекселер ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар жоқары қәўип топарларына киреди. Кеселлик, әдетте, кескин температура көтерилиўи, жөтел, бас ҳәм булшық йетлер аўырыўы, улуўма ҳәлсизлик пенен өтеди. Айырым жағдайларда пневмония, синусит, отит сыяқлы аўыр асқыныўларға алып келиўи мүмкин.

Халықты грипптен қорғаў мақсетинде аймақларға қәўип топарындағы пуқараларды иммунзациялаў ушын вакциналар жеткерип берилмекте. Сондай-ақ, билимлендириў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде санитариялық талаплардың бузылыў жағдайларын сапластырыў илажлары көрилди.

Ҳәзирги ўақытта 1 мың 721 тез медициналық жәрдем шақапшаларында 2 мың 932 бригада жумыс алып бармақта. Басланғыш буўын мәкемелеринде көшпели медициналық бригадалар шөлкемлестирилип, наўқасларға үй шараятында зәрүр жәрдем көрсетилмекте.

Медицина хызметкерлери мәўсимлик инфекциялардың алдын алыў тек ғана денсаўлықты сақлаў системасына емес, ал ҳәр бир инсанның өз саламатлығына жуўапкершиликли қатнас жасаўына да байланыслы екенин ескертпекте. Жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиў, гриппке қарсы вакциналарды өз ўақтында алыў, кеселлик белгилери пайда болғанда үйде қалыў ҳәм әтираптағылар менен байланысты шеклеў усыныс етиледи.

Сондай-ақ, ханаларды турақлы самаллатып турыў, медициналық нықаплардан пайдаланыў, әсиресе, наўқаслар ҳәм оларға қарап атырған шахслардың ҳаўа-райына сәйкес дурыс аўқатланыўы ҳәм кийиниўи де әҳмийетли.

Кеселлик белгилери пайда болғанда өзин-өзи емлеў менен шуғылланбаў керек - өз ўақтында шаңарақлық шыпакерге хабарласыў зәрүр.