Сөйлесиўде еки мәмлекет арасында медицина, медициналық билимлендириў ҳәм фармацевтика тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) қатнасыўында әмелге асырылып атырған "Республика қәнигелестирилген неврология ҳәм инсульт илимий-әмелий медицина орайын шөлкемлестириў" жойбарына айрықша итибар қаратылды.

Мағлыўмат ушын, улыўма баҳасы 150 миллион АҚШ долларына тең бул жойбар 2025-2032-жылларға мөлшерленген. Оның шеңберинде Неврология ҳәм нейрореабилитация миллий медицина орайын қурыў ҳәм үскенелеў, Самарқанд ҳәм Бухара медицина жоқары оқыў орынларының клиникаларын үскенелер менен тәмийинлеў, сондай-ақ, қәнигелерди оқытыў нәзерде тутылған.

- Шыпакерлеримизди нейрохирургия ҳәм нейрореабилитация бойынша Японияның жетекши клиникаларында оқытыў, орта медицина хызметкерлери ушын биргеликтеги билимлендириў ҳәм стажировка бағдарламаларын шөлкемлестириўден мәпдармыз. Онда алдынғы технологиялар, әмелий көнликпелер ҳәм наўқасларды күтиў усылларын өзлестириўге айрықша итибар қаратамыз. Тийисли мәкемелер менен тиккелей байланыслар орнатыўда Қордың жәрдемине исенемиз, — деди Элдор Адилов.

Сондай-ақ, фармацевтика тараўындағы бирге ислесиў мәселесине де итибар қаратылды. Бул бағдарда Япония ўәкилликли уйымлары дизимге алған дәри қураллары ҳәм медициналық үскенелерди белгиленген талаплар тийкарында тән алыў тәртиби арқалы дизимнен өткериў жолға қойылғаны атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, биргеликтеги жойбар ҳәм басламаларды избе-из даўам еттириўге таяр екенин билдирди.

ДСМ Баспасөз хызмети.