Илаж БМШтың Климат өзгериўи ҳаққындағы рамкалы конвенциясы тәреплериниң конференциясы (COP31) 31-сессиясы шеңберинде Анталия қаласында өткерилмекте.
Ашылыў мәресиминде сырт еллердиң мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы институтларының басшылары да қатнасты.
Саммит шеңберинде делегациялар басшыларының биргеликте сүўретке түсиў мәресими болып өтти.
"Турақлы ҳәм әдил келешек жолында" сүрени астында өтип атырған жетекшилер саммити климаттың өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм глобал экологиялық миннетлемелерди әмелге асырыў бойынша халықаралық ҳәрекетлерге жаңа пәт бағышлаўға қаратылған.
“COP31” конференциясы 9-ноябрьден 20-ноябрьге шекем болып өтеди ҳәм мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер, исбилерменлик ҳәм илимий топарлар, пуқаралық жәмийети ўәкиллерин бирлестиреди. Париж келисиминиң әмелий орынланыўы, ыссыхана газлериниң шығарылыўын азайтыў, климат өзгериўи ақыбетлерине бейимлесиў, климатты қаржыландырыўды кеңейтиў ҳәм "жасыл" экономикаға өтиўди жеделлестириў мәселелери дыққат орайында болады.
Өзбекстан ҳәм пүткил Орайлық Азия регионы ушын бул мәселелер күн сайын күшейип баратырған суў ресурсларының жетиспеўшилиги, жерлердиң деградациясы, музлықлардың ериўи, қурғақшылық ҳәм глобал ысыўдың басқа да ақыбетлерин есапқа алған ҳалда айрықша әҳмийетке ийе.
Саммит шеңберинде Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан тәрепинен халықаралық шериклердиң жәрдеминде биргеликте ислеп шығылған "Орайлық Азияның климатқа шыдамлы ландшафтлары" (CLiCA) регионаллық бағдарламасының иске қосылғаны бул бағдарда әҳмийетли әмелий қәдем болды.
Жети жыллық бағдарламаны қаржыландырыўдың улыўма көлеми 264,4 миллион евроны қурайды, соннан 103,7 миллион евро Өзбекстан ушын нәзерде тутылған. Қаржылар тоғайлар ҳәм жайлаўларды қайта тиклеў, климатқа шыдамлы дийқаншылық усылларын енгизиў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, аўыл халқының климат өзгерислерине бейимлесиў имканиятларын кеңейтиўге қаратылады.
Өзбекстан глобал климат күн тәртиби шеңберинде өз миннетлемелерин избе-из әмелге асырмақта. Атап айтқанда, 2035-жылға барып жалпы ишки өнимниң бир бирлигине туўра келетуғын ыссыхана газлериниң шығындыларын 2010-жылғы дәрежеге салыстырғанда 50 процентке қысқартыў режелестирилген.
Мәмлекетимиз 1993-жылы БМШтың Климат өзгериўи ҳаққындағы конвенциясына қосылған болса, 2018-жылы Париж келисиминиң қатнасыўшысы болды. Бүгинги күнде Өзбекстан қоршаған орталықты қорғаў, қайта тиклениўши энергетиканы раўажландырыў, суўды үнемлеў ҳәм климат турақлылығын беккемлеў бағдарындағы халықаралық ҳәм регионаллық басламаларды жедел алға қоймақта.