"Турақлы шарўашылықты раўажландырыў" жойбары елимиздиң бес аймағы - Бухара, Қашқадәрья, Наўайы ҳәм Самарқанд ўәлаятлары және Қарақалпақстан Республикасындағы 29 мыңға шамалас киши фермер хожалықларын қамтып алады.
Жойбар шеңберинде фермерлердиң шарўа от-жеминен пайдаланыў имканиятын жақсылаў, ветеринария хызметин күшейтиў ҳәм жайлаў ресурсларын басқарыў нәтийжелилигин арттырыў нәзерде тутылған.
Шарўашылықтың климат өзгерислерине, соның ишинде, қурғақшылық, ысыў ҳәм суў жетиспеўшилигине бейимлесиўине айрықша итибар қаратылады. Оның ушын қурғақшылыққа ҳәм шорланыўға шыдамлы от-жем өсимликлерин жетистириўди раўажландырыў, шарўа маллары ушын суўғарыў пунктлерин қайта тиклеў, жайлаўларды басқарыўды жетилистириў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, ветеринария ҳәм мәсләҳәт хызметлерин санлы технологиялар тийкарында кеңейтиў режелестирилген. Атап айтқанда, жасалма интеллект тийкарында жайлаў мониторинги системалары, фермерлер ушын усыныслар берилетуғын мобиль қосымша ҳәм ерте ескертиў механизми енгизиледи, мәҳәлле дәрежесинде ветеринариялық жәрдем модернизацияланады.
Шарўашылық пенен шуғылланып атырған ҳаял-қызлар ушын айрықша илажлар белгиленген. Олар қәнигелестирилген оқыўдан өтип, от-жем ислеп шығарыўда қоллап-қуўатланады ҳәм исбилерменлик жумысында қатнасыў имканиятын кеңейтеди.
Азия раўажланыў банкиниң 60 миллион долларлық қарызынан тысқары, жойбар Жасыл климат қорынан 5 миллион долларлық грант ҳәм Японияның Азия ҳәм Тыныш океаны регионы абаданлығы ҳәм турақлылығы қорынан (JFPR) және 3 миллион доллар алады.