Келисимге АРБ президенти Масато Канда ҳәм Өзбекстан Бас министриниң орынбасары - экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров қол қойды.

Масато Канданың атап өтиўинше, электр тармақларын модернизациялаў турақ жайлар, кәрханалар ҳәм мәмлекетлик мәкемелердиң электр тәмийнатының исенимлилигин арттырыў, қайта тиклениўши дәреклерден ислеп шығарылған электр энергиясын жеткерип бериў имканиятларын кеңейтиў имканиятын береди.

Бағдарламада Өзбекстан бойынша 60 әҳмийетли электр подстанциясын реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў, тармақларды санлы басқарыў системаларын енгизиў ҳәм олардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў нәзерде тутылған.

Жойбардың әмелге асырылыўы электр энергиясының шығынларын азайтыў, трансформаторларға жүклемени азайтыў ҳәм электр тәмийнатының исенимлилигин арттырыў имканиятын береди. Буннан тысқары, модернизациялаў кеминде 3,3 ГВт қайта тиклениўши энергетика қуўатлықларын жалғаў ушын шараят жаратады ҳәм жылына CO₂ эквивалентидеги дерлик 23 мың тонна ыссыхана газлериниң шығыўын қысқартыў имканиятын береди.

Жойбар экономикалық өсиў ҳәм қалалардың кеңейиўи шараятында инфраструктураның тозыўы, үскенелердиң артықша жүклемеси ҳәм электр энергиясынан пайдаланыўдың артыўы менен байланыслы машқалаларды шешиўге қаратылған.

Сондай-ақ, бағдарламада "Өзбекстан миллий электр тармақлары" АЖның техникалық ҳәм басқарыў потенциалын беккемлеў, финанслық қадағалаўды жетилистириў, қәнигелерди оқытыў, энергетика тараўында ҳаял-қызлардың қатнасын кеңейтиў нәзерде тутылған.

Жойбар Азия раўажланыў банки ҳәм Жәҳән банкиниң (FMRF) толық өз-ара исеним шеңберинде әмелге асырылатуғын Азия раўажланыў банкиниң Өзбекстандағы биринши энергетика басламасы, сондай-ақ, мәмлекеттиң энергетика тараўында нәтийжелерге тийкарланған биринши қаржыландырыў бағдарламасы болады.

Октябрь айының ақырында Жәҳән банки өзиниң Директорлар кеңесине 100 миллион АҚШ доллары муғдарында қосымша қаржыландырыў усынысын киргизиўи күтилмекте.

2010-жылдан берли АРБ Өзбекстанның энергетика секторына 3,4 миллиард доллардан аслам қаржы ҳәм кепиллик берди. Жаңа бағдарлама "Өзбекстан - 2030" стратегиясын әмелге асырыў, қайта тиклениўши энергетиканы раўажландырыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди, сондай-ақ, АРБның 2024-2028-жылларға мөлшерленген Өзбекстан менен шериклик стратегиясының мақсетлерин қоллап-қуўатлайды.