Миссия шеңберинде:

гендерге бағдарланған бюджет (ГББ) ҳәм оның турақлылығын тәмийинлеў тараўындағы реформалардың тийкарғы бағдарлары белгиленеди;

әмелдеги мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм басламаларды халықаралық бирге ислесиўшилердиң раўажландырыў бойынша жойбарлары менен муўапықластырыў мәселелери додаланады;

тийкарғы илажлар, күтилип атырған нәтийжелер, институционаллық жуўапкершилик, әмелге асырыў мүддетлери ҳәм механизмлерин өз ишине алған әмелий ҳәрекетлер режеси ислеп шығылады;

Азия раўажланыў банки, мәмлекетлик уйымлар ҳәм раўажланыў бойынша бирге ислесиўшилер арасында нәтийжели муўапықластырыў механизмлерин анықлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Жойбардың тийкарғы мақсети Өзбекстанда гендерге бағдарланған бюджетлестириў ҳәм мәмлекетлик қаржыларды басқарыў тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы бағдарларын белгилеў, сондай-ақ, техникалық жәрдем көлемин келисиўден ибарат.

Семинар шеңберинде, соның ишинде, жоқары билимлендириў, бәнтлик, аўыл хожалығы, транспорт, қурылыс ҳәм суў хожалығы тараўларында ГББларды сынақтан өткериўдиң тийкарғы бағдарлары додаланды.

Бул миссия Өзбекстанның мәмлекетлик бюджетин қәлиплестириўде гендер мәселелерин системалы есапқа алыў, бюджет қаржыларының социаллық нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, халықаралық тәжирийбе тийкарында мәмлекетлик қаржыларды басқарыў тараўындағы реформаларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған.