"Сизлерге қанаатланыўшылық пенен бир жақсы хабарды жеткермекшимен: бүгиннен Өзбекстанда Apple Pay ҳәм Google Pay төлем хызметлери иске түсти", — деп жазды ол.
Бул хызметлерди енгизиў Өзбекстанның халықаралық санлы төлемлер екосистемасына интеграцияланыўында әҳмийетли қәдем болды.
Алдынырақ Саида Мирзиёева Google компаниясы вице-президенти Каран Бхатия менен ушырасыўда халықаралық төлем системаларынан пайдаланыў ушын зәрүр ҳуқықый ҳәм технологиялық шараятларды жаратыў мәселелерин додалаған еди.
Apple Pay ҳәм Google Pay хызметлери пуқаралар ҳәм сырт ел мийманларына смартфон арқалы контактсыз төлемлерди әмелге асырыў имканиятын береди. Бул күнделикли есап-санақларды әпиўайыластырыў, нақ пулға зәрүрликти азайтыў ҳәм туристлер ушын қолайлық жаратыўға хызмет етеди.
Сондай-ақ, халықаралық санлы төлем хызметлериниң иске қосылыўы Өзбекстанның глобал технологиялық бирге ислесиўдеги қатнасыўын кеңейтиў ҳәм санлы төлем инфраструктурасын раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар ашады.