Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги мәлим етти.

Министрликке Уллы Британияның «Cambridge University Press & Assessment» компаниясына тийисли «IELTS 20 Academic», «Mindset for IELTS», «Complete IELTS», «Essential Grammar in Use» ҳәм «English Grammar in Use» китапларының контрафакт нусқалары сатылып атырғаны бойынша мүрәжатлар келип түскен.

Мүрәжатларды үйрениў даўамында пуқаралар Й.Х., М.А., Н.Д. ҳәм Ш.Ш. тәрепинен бул оқыў қолланбаларының ҳуқық ийесиниң рухсатысыз таярланған нусқалары сатылғаны анықланған.

Ҳуқықбузарларға Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 177¹-статьясы менен ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы протоколлар рәсмийлестирилип, судларға жиберилген.

Суд қарарлары менен оларға усы статьяның биринши бөлимине муўапық жәрийма жазасы тайынланған.

Әдиллик министрлиги авторлық ҳуқықы менен қорғалатуғын шығармалардың контрафакт нусқаларын сатыў ҳуқық ийелериниң нызамлы мәплерине зыян жеткерилиўин ескертти.

Авторлық ҳуқықы бузылған дөретиўшилер Әдиллик министрлигиниң 1008 исеним телефоны ямаса info@adliya.uz электрон почта мәнзили арқалы мүрәжат етиўи мүмкин.