Бүгин, 7-октябрь күни Халықаралық пахта ҳәм теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлердиң азық-аўқат қәўипсизлиги күнине бағышланған әнжуманларда мәмлекетимиз басшысының баспасөз хаткери Шерзод Асадов Президент Шавкат Мирзиёевтиң илаж қатнасыўшыларына жоллаған мүрәжатын оқып еситтирди.
Мүрәжатта Өзбекстанда пахташылық жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди. Илимпазларымыз тәрепинен ғаўашаның 300 ге шамалас ерте писер сортлары жаратылған, егиўден баслап өнимди жыйнаўға шекемги процесслер механизацияланған. Заманагөй агротехнологиялардың нәтийжесинде айырым хожалықларда өнимдарлық гектарына 100 центнерге жетпекте.
Өзбекстан Президенти климаттың өзгериўи, суў жетиспеўшилиги ҳәм логистика шынжырларындағы үзилислердиң азық-аўқат қәўипсизлигине тәсирине итибар қаратты. Теңизге шығыў имканияты болмаған мәмлекетлер ушын транспорт қәрежетлериниң жоқарылығы үлкен тосқынлық болып қалмақта. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан азық-аўқат саўдасы ҳәм логистикасында шеклеўлерди қысқартыў, оны жеткерип бериў қағыйдаларын әпиўайыластырыў тәрепдары.
Мүрәжатта 2030-жылға шекем азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўды 2 есеге, экспорт ҳәм қосымша қунды 3 есеге арттырыў мақсети белгиленген. Орайлық Азия, теңизге шығыў имканияты болмаған мәмлекетлер ҳәм транзит шериклерди бирлестиретуғын Азық-аўқат кооперациясы бағдарламасын ислеп шығыў, өнимлерди қайта ислеў, сақлаў ҳәм тасыў бойынша қоспа жойбарларды кеңейтиў усыныс етилди.
Илажда шығып сөйлеген БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО)ниң бас директоры Цюй Дунъюй, Халықаралық пахта мәсләҳәт комитетиниң (ИСАС) атқарыўшы директоры Эрик Б. Трахтенберг ҳәм Жәҳән саўда шөлкеми (WТО) бас директорының орынбасары Жан-Мари Погам Президент Шавкат Мирзиёевтиң пахта тараўындағы реформаларына жоқары баҳа берди. Олар мәжбүрий мийнеттиң сапластырылғаны ҳәм шийки пахтаны экспорт етиўден оны терең қайта ислеўге жедел өтилгени үлкен жетискенлик және басқа мәмлекетлер ушын үлги екенин атап өтти.