Соны атап өтиў керек, климат өзгериўи, температураның көтерилиўи, музлықлардың ериўи ҳәм жаўын-шашын режиминиң өзгериўи суў ресурсларын сақлап қалыўды Орайлық Азия, атап айтқанда, Өзбекстан ушын барған сайын әҳмийетли ўазыйпаға айландырмақта. Прогнозларға бола, 2050-жылға барып суў ресурслары менен тәмийинлениў дәрежеси 30-40 процентке қысқарыўы, суўғарыў суўына болған талап болса 25 процентке артыўы мүмкин. Есап-санақларға бола, суў ресурсларының жетиспеўшилиги 2015-жылда дерлик 3 миллиард куб метрден 2030-жылға барып 7 миллиард куб метрге, 2050-жылға барып болса 15 миллиард куб метрге жетиўи мүмкин.

Бул ўазыйпаны шешиў мақсетинде Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитети ФАО менен биргеликте Өзбекстанда биринши мәрте жасалма музлықлар жаратыў - Ice Ступа технологиясын енгизди. Бул баслама ФАОның Өзбекстандағы ўәкилханасы тәрепинен Глобал экологиялық фонд (ГЭФ) тәрепинен қаржыландырылатуғын "Өзбекстанда азық-аўқат системалары, жерден пайдаланыў ҳәм жерди тиклеў" (FOLUR) бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылмақта.

Мағлыўмат ушын: "FOLUR - Өзбекстан" жойбары шеңберинде Қашқадәря ўәлаяты Шаҳрисабз районы Сарчашма аймағында тәжирийбе тәризинде елимиздеги биринши жасалма музлық жаратылды. 2026-жыл 9-январьда иске қосылған система тәбийғый бийиклик өзгерислери ҳәм суў басымынан пайдаланады ҳәм электр насосларсыз ислейди. Дәслепки тәжирийбе даўамында дерлик 800 куб метр муздың резерви қәлиплестириўге ерисилди. Музлық ериўи нәтийжесинде пайда болған суўдан 60 қа шамалас хожалық ўәкиллери пайдаланған. Бул тәжирийбе таўлы аймақларда суўды қыс мәўсиминде муз ҳалында топлаў ҳәм оннан суў ресурсларына талап жоқары дәўирлерде пайдаланыў мүмкин екенлигин көрсетти.

«Ice Stupa» технологиясы қыс мәўсиминде арзан суў дәреклеринен пайдаланыўға тийкарланған. Суў арнаўлы үскенеленген трубалар арқалы жоқарыға бериледи ҳәм ҳаўаға тарқатылады, бул жерде төмен температура тәсиринде музлайды ҳәм әсте-ақырын муз көринисинде топланады. Нәтийжеде ири жасалма муз қурылмасы пайда болмақта. Топланған суў бәҳәр ҳәм жазда суў ресурсларына мүтәжлик артқан ўақытта әсте-ақырын ерийди ҳәм усы дәўирде оннан пайдаланыў мүмкин болады.

Бул инновациялық шешим қыс мәўсиминде суўды муз тәризинде топлаў, қурғақ таўлы аймақлардың суў тәмийнатын жақсылаў, аўыл хожалығы ҳәм жергиликли халық ушын қосымша суў дәреклерин қәлиплестириў, сондай-ақ, климат өзгериўи ҳәм қурғақшылық ақыбетлерине бейимлесиў, жергиликли жәмийечиликлердиң турақлылығын беккемлеў имканиятын береди.

Жасалма музлықлар технологиясы тәбийғый тәбийғый шараяттан пайдаланыўға тийкарланған шешим болып, суў ресурсларын басқарыўда жаңа имканиятларды ашып береди.