Павильон архитектуралық концепциясының тийкарында "жүзим бағы: өтмиш мийрасы, бүгинги күнниң шешими, келешек ушын илҳам" идеясы сәўлелендирилген.

Зироат Мирзиёева павильондағы миллий экологиялық жойбарлар ҳәм басламалар менен танысты.

"Замин" фонды тәрепинен әмелге асырылып атырған «Eco-Schools Uzbekistan» жойбарының қатнасыўшылары Биринши ханымға оқытыўдың барлық дәрежелерин өзинде жәмлеген үзликсиз экологиялық билимлендириў системасын усынды. Оған мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириў ушын “LEAF”, улыўма билим бериў мектеплери ушын “Eco-Schools”, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў ушын “Eco-Campus” бағдарламалары киреди.

COP31де Өзбекстан Миллий павильоны мәмлекеттеги экологиялық өзгерислерди көрсетиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм турақлы келешек жолында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ушын майдан ўазыйпасын атқарады.