Миллий бағдарламаларды әмелге асырыўдың тийкарғы мақсетлери белгиленди, атап айтқанда:

билим ҳәм тәжирийбени раўажланыўдың тийкарғы капиталына айландырыў;

халықтың денсаўлығын ҳәм узақ жасаўын тәмийинлеў;

жоқары технология ҳәм мийнет өнимдарлығына тийкарланған экономиканы раўажландырыў.

Билим ҳәм тәжирийбени раўажланыўдың тийкарғы капиталына айландырыў бойынша миллий бағдарламаның төмендеги тийкарғы бағдарлары белгиленди:

6 жасар балаларды мектепке басланғыш таярлық бағдарламалары менен толық қамтып алыў;

мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў бойынша әмелдеги жеңилликлерди сақлап қалыў ҳәм олардың нәтийжелилигин баҳалаў;

барлық улыўма билим бериў мектеплерин халықаралық баҳалаў бағдарламалары менен басқышпа-басқыш қамтып алыў;

кеминде 10 жоқары билимлендириў шөлкемин абырайлы халықаралық рейтинглердиң топ-1000 лығына киргизиў;

10 миллион жасты санлы санаат ҳәм келешек кәсиплерине тартыў ҳәм басқалар.