Нызам менен "Реклама ҳаққында"ғы нызамға төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте:
халықтың ҳәм исбилерменлердиң қамсызландырыў мәдениятын арттырыўға қаратылған мәлимлеме социаллық мәлимлеме сыпатында белгиленеди;
тийисли тараўлардағы ўәкилликли уйымлар да социаллық мәлимлемениң реклама бериўшилери дизимине киргизиледи;
финанслық хызметлер рекламасында усы хызметлерден пайдаланыў ҳәм қарыз миннетлемелерин орынламаў финанслық қәўип-қәтерлерге алып келиўи мүмкин екенлиги ҳаққында ескертиў болыўы керек. Атап айтқанда, кредит ҳәм микроқарызлар рекламасында ескертиў реклама майданы ямаса эфир ўақтының кеминде 10 процентин ийелеўи керек.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 10.11.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».