Кадастр агентлигиниң Көшпес мүлкти ғалабалық баҳалаў миллий орайынан мәлим етиўинше, бүгинги күнге шекем 11 мыңнан аслам пуқара баҳалаў нәтийжелери менен танысып, өз пикирлерин билдирген. Олардың дерлик ярымы өзлериниң наразылықлары ҳәм усынысларын билдирди.
Көшпес мүлклериңиздиң баҳасы қанша екенлигин үйиңизден шықпастан “my.gov.uz” Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы онлайн түрде билиў мүмкин. Буның ушын көшпес мүлктиң баҳасын тексериў бойынша арнаўлы хызметтен пайдаланыў зәрүр.
Баҳалаў нәтийжелеринен наразы болған ямаса оларды дурыслаў бойынша усыныслары болған пуқаралар өз мүрәжатларын жәмийетлик додалаў шеңберинде жибериўи мүмкин.
Усыныс ҳәм наразылықларды бериўдиң ақырғы күни - 4-декабрь, 2026-жыл.
Пайтахт турғынлары өзлериниң көшпес мүлклерин баҳалаў нәтийжелерин тексерип, зәрүр жағдайларда өз пикирлерин билдириў имканиятынан пайдаланыўы усыныс етиледи.