Тәреплер қурылыс, санаат, шығындыларды қайта ислеў, экология, инженерлик инфраструктурасы, энергетика, логистика, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларындағы бирге ислесиўдиң перспективаларын додалады.
Шығындыларды сортлаў ҳәм қайта ислеў технологияларын енгизиў, екилемши шийки зат алыў, заманагөй қурылыс материалларын, санаат үскенелерин қолланыў, шаўқым ҳәм тербелисти азайтыўға айрықша итибар қаратылды. Суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў тармақлары, ыссылық тәмийнаты ҳәм қазанханаларды модернизациялаў, насос үскенелери, гидравликалық системалар ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў имканиятлары көрип шығылды.
Өзбекстан ҳәм Германия арасында саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, логистика ҳәм транспорт жөнелислерин раўажландырыў, Германия компанияларын Ташкент қаласындағы инвестициялық жойбарларға тартыў, жергиликли кәрханалар менен тиккелей исбилерменлик байланысларын орнатыў мәселелери айрықша тилге алынды.
Сондай-ақ, билимлендириў тараўында бирге ислесиў, Германия тәжирийбесин үйрениў, заманагөй медициналық әсбап-үскенелерди импорт етиў ҳәм елимиздеги медициналық өнимлерди Европа Аўқамы мәмлекетлерине экспорт етиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер келешекте бирге ислесиў, пайтахт жойбарларын әмелге асырыўға Германияның алдынғы технологияларын тартыў ҳәм биргеликтеги инвестициялық басламаларды ислеп шығыў перспективаларын атап өтти.