Ушырасыўда "Masdar" компаниясының бас атқарыўшы директоры Муҳаммад Жамил Ал-Рамаҳий ҳәм "АМЕА Power" компаниясының баслығы Ҳусайн Ал-Новайс қатнасты.

Ушырасыўда Әмирликлер менен стратегиялық шериклик жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жыл басынан өз-ара саўда көлеми 40 процентке артты. Ири инвестициялық жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Ушырасыў жуўмағында "жасыл" энергетика, заманагөй инфраструктура, тармақ ҳәм санаат кооперациясы, туризм ҳәм хызмет көрсетиў сыяқлы бағдарлардағы жойбарларды жеделлестириў ҳәм кеңейтиўге келисип алынды.