Инсульт - қәўипли кеселлик болып, оның белгилерин өз ўақтында анықлаў ҳәм тез медициналық жәрдем көрсетиў шешиўши әҳмийетке ийе.

Бағдарлама Президентимиздиң усы жыл 20-январьдағы тийисли қарары тийкарында қабыл етилген Инфаркт ҳәм инсультқа қарсы гүресиў миллий бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылмақта.

1-ноябрьден баслап Өзбекстанның улыўма билим бериў мектеплеринде “Angels Initiative” шөлкеми тәрепинен ислеп шығылған “FAST - супер қаҳарманлар” халықаралық билимлендириў бағдарламасын басқышпа-басқыш енгизиў басланады.

Программа 1-4-класс оқыўшылары ушын мөлшерленген. Биринши басқышта сабақлар Ташкент қаласының Алмазар районындағы 7, Самарқанд, Каттақорған ҳәм Иштихан районларындағы 6 мектепте шөлкемлестирилиўи режелестирилген.

“FAST” принципи инсульттың тийкарғы белгилери: беттиң асимметриясы, қолдың ҳәлсизлиги, сөйлеўдиң бузылыўы ҳәм кешикпей ҳәрекет етиў зәрүрлигин еслеп қалыўға жәрдем береди.

Сабақлар даўамында балалар инсульт пайда болыўы мүмкин болған белгилерди, мимиканың тосаттан өзгериўи, бир қолын көтере алмаў, сөйлесиўде қыйыншылықларды билиўди үйренеди.

Оқыў ойын түринде, персонажлар, видеоматериаллар ҳәм интерактив тапсырмалар тийкарында өткериледи. Бул мектеп оқыўшыларының жасын есапқа алған ҳалда қыйын медициналық түсиниклерди түсиндириў имканиятын береди.

Халықаралық бағдарлама ҳәзирги ўақытта дүньяның 40 қа шамалас мәмлекетинде, соның ишинде, Германия, Италия, Испания, Португалия, Бразилия, Канада, Греция, Исландия, Қубла Африка Республикасы, Латвия, Словакия, Венгрия, Болгария ҳәм Сингапурда әмелге асырылмақта. Улыўма етип айтқанда, 2 миллионнан аслам бала қамтып алынған.

Алынған билимлерди шаңарақларда үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Балалар ата-аналары, апалары ҳәм аталарына инсульт белгилери ҳаққында айтып бериўи, жақынларының кеселлик ҳаққында хабардарлығын арттырыўға жәрдем береди.

Сондай-ақ, оқыўшыларға инсульт кеселлигине гүман болғанда қандай ҳәрекет етиў керек екенлиги түсиндириледи: дәрҳал үлкенлерге хабар бериў ҳәм 103 санлы тез медициналық жәрдемди шақырыў. Өз ўақтында медициналық жәрдемге мүрәжат етиў кеселлик ақыбетине үлкен тәсир көрсетиўи мүмкин.

Өзбекстанда бағдарламаның рәсмий веб-сайты ҳәм “Instagram”дағы бети иске қосылды, бул жерде жойбар ҳаққындағы мағлыўматлар, оқыў материаллары ҳәм жаңалықлар менен танысыў мүмкин.

Илаждың тийкарғы мақсети балаларды инсульт кеселлигиниң дәслепки белгилерин анықлаўға үйретиў, саламатлыққа жуўапкершилик пенен қараў, қыстаўлы жағдайларда дурыс ҳәрекет етиў көнликпелерин қәлиплестириўден ибарат. Жойбар, сондай-ақ, халықтың инсульт белгилери ҳәм медициналық жәрдемди өз ўақтында шақырыў әҳмийетли екенлиги ҳаққындағы хабардарлығын арттырыўы күтилмекте.