Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар
берди.
Жаңа орайдың жумысы 2027-жыл 1-январьға шекем шөлкемлестирилетуғын ҳәм
"Медициналық маманлық" мәлимлеме системасы менен интеграцияланатуғын
Бирден-бир үзликсиз кәсиплик раўажланыў платформасы арқалы тәмийинленеди.
Бул платформа арқалы провайдерлер ҳәм бағдарламалардың миллий реестри,
қәнигелердиң жеке кабинети, кредит есабы, электрон сертификатлардың
автоматикалық түрде қәлиплесиўи жолға қойылады, жумыс бериўшилер өз
хызметкерлериниң портфели ҳәм жыллық есабатын бақлап барыў имканиятына ийе
болады.
Жылына 50 кредит
(орташа медицина хызметкерлери ушын 28 кредит) топлаў әпиўайы рәсмийлестириў
емес, ал шыпакердиң келешегине инвестиция болып табылады. Бул кредитлер
мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм маманлық категориясын бериўде үлкен әҳмийетке
ийе болады.
Орай барлық
провайдерлер ҳәм бағдарламаларды халықаралық стандартлар тийкарында еркин түрде
аккредитациядан өткереди, сондай-ақ, үзликсиз медициналық билимлендириўди
аккредитациядан өткериўши жергиликли шөлкем сыпатында жумыс алып барады.