Дипломатиялық каналлар арқалы алынған мағлыўматларға бола, жаңаланған тәртип 1-ноябрьден күшке киреди.

Оған муўапық, Өзбекстан пуқаралары Египетке барыўдан алдын кириў визасын усы мәмлекеттиң дипломатиялық ўәкилханалары арқалы рәсмийлестириўи шәрт. Туристлик сапарлар болса ўәкилликли туроператорлар арқалы шөлкемлестириледи.

40 жасқа шекемги туристлерге айрықша талаплар қойылады

Жаңа тәртипке бола, 40 жасқа шекемги туристлер Египетке тек ғана жақын шаңарақ ағзалары — ата-анасы, өмирлик жолдасы ямаса перзентлери менен бирге барыўы мүмкин. Онда шаңарақтың ықтыярында сапар даўамында кеминде 5 000 АҚШ доллары муғдарында нақ пул болыўы талап етиледи.

40 жастан асқан еркин саяхатшылар болса кеминде 3 000 АҚШ доллары муғдарында нақ пулға ийе болыўы керек.

Шегарада қандай ҳүжжетлер талап етиледи?

Египетке кириўде туристлер мийманхана брон етилгенин тастыйықлайтуғын ҳүжжет, мобиль байланыс мағлыўматлары ҳәм жетерли финанслық тәмийнат бар екенлигин тастыйықлайтуғын мағлыўматларды усыныўы керек.

Сондай-ақ, мәмлекет аймағында болыў даўамында туристлик визаны басқа түрдеги визаға алмастырыў бойынша мүрәжатлар қабыл етилмейди.

Белгиленген талапларға жуўап бермейтуғын ямаса зәрүр ҳүжжетлерди толық усынбаған жолаўшылардың Египетке кириўи бийкар етилиўи мүмкин. Бундай жағдайда оларды мәмлекетке алып келген авиакомпания арқалы қайтарыў илажлары көриледи.

Өзбекстанның Каир қаласындағы елшиханасы пуқараларды Египетке сапарын режелестириўде жаңа талапларды есапқа алыўға шақырды.