Нөкис, Термиз ҳәм Әндижаннан рәмзий байрақлар жолға шығылды. Олар үш жөнелис бойынша жәми 2 мың 440 километр аралықты басып өтип, 18-ноябрь күни пайтахтта бирлеседи.

Байрам бағдарламасы шеңберинде вертолётта мәмлекетлик байрақтың ушып өтиўи ҳәм дронлардың рәңбәрең шоуын шөлкемлестириў режелестирилген.

Илаж 18-ноябрь күни саат 17:00 де Ташкент қаласындағы Халықлар дослығы сарайы майданында болып өтеди.