Екиншиси, кейинги он жылда Өзбекстанның дүньяда өз сөзи ҳәм орнына ийе мәмлекет сыпатындағы абырайы беккемленгени, онда тек ғана миллий мәмлекечилик емес, ал регионаллық ҳәм глобаллық мәселелерди нәтийжели шешиўдеги қатнасы, халықаралық социаллық-экономикалық, сиясий процесслердеги тәсири күшейген мәмлекет сыпатындағы абырайы артқаны, ишки сиясатта мәмлекетлик басқарыўдан баслап барлық тараў ҳәм тармақлар, аймақлар түпкиликли реформалар нәтийжесинде раўажланыўдың жаңа басқышына шыққаны, нәтийжеде ўатанласларымыздың дүняқарасы, турмыс тәризлери, абаданлығында сезилерли өзгерислер жүз берген, бир сөз бенен айтқанда, миллий тиклениў дәўири болды.

Әсиресе, соңғы жылдағы тарийхый жаңаланыўлар, социаллық-экономикалық реформалар нәтийжесинде мәмлекетимиз экономикалық турақлылыққа ерискени, бир неше он миллион халықымыздың қәдди тикленгени, халық тили менен айтқанда, көкирегине самал тийгени айрықша мақтаўға ылайық.

Ҳақыйқатында да, бул дәўир миллий ғәрезсизликти беккемлеў, экономикалық турақлылықты тәмийинлеў, халықтың абадан турмысы ушын зәрүр шараят жаратыў көзқарасынан да, Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын арттырыў бағдарында да жүдә үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Тек ғана мәмлекет ҳәм пуқара қатнасықларындағы өзгерислерден салыстырыў. Мәмлекетимизде соңғы жылларда инсан қәдирин улығлаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Реформалардың тийкарғы мазмуны инсан мәплерин тәмийинлеў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, социаллық әдиллик ҳәм нызам үстинлигин орнатыўға қаратылды.

Бул бағдарда "Инсан қәдири ушын" принципи әҳмийетли идеялық ҳәм әмелий тийкар болмақта. 2023-жыл 30-апрель күни улыўмахалықлық референдум тийкарында қабыл етилген жаңа редакциядағы Конституцияда инсан ҳуқықлары менен еркинликлери, социаллық қорғаў, сапалы билимлендириў, қәнигели медициналық хызметтен пайдаланыў, қолайлы қоршаған орталықта жасаў сыяқлы әҳмийетли ҳуқықлар конституциялық кепилликлер менен беккемленди. Мәмлекет ҳәм жәмийет қатнасықларында инсан мәплерин үстин қойыўға айрықша итибар қаратылды.

"Инсан қәдири ушын" ийгиликли принципи жаңа Өзбекстандағы барлық реформалардың бас өлшемине айланып үлгерди. Себеби, экономикалық раўажланыўдың тийкарғы мазмун-мәниси, бәринен бурын, оның нәтийжеси ҳәр бир инсан, ҳәр бир шаңарақ турмысында сезилиўи, халқымыздың абаданлығы артыўы, сапалы билимлендириў ҳәм медициналық хызметлерден пайдаланыў имканиятларының кеңейиўи және мүнәсип турмыс шараятларының жаратылыўында көриниси зәрүр шәрт болып есапланады.

Бул дәўирде халықты социаллық қорғаў системасы жетилистирилди. Соның ишинде, кем тәмийинленген шаңарақларды материаллық қоллап-қуўатлаў илажлары кеңейтилди, мүтәж халыққа мәнзилли социаллық жәрдем көрсетиў системасы раўажландырылды, Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилди, барлық район ҳәм қалаларда "Инсан" социаллық хызметлер орайларының жумысы жолға қойылып, мәҳәллелерде социаллық хызметкерлердиң жумысы шөлкемлестирилди. Кең көлемли жумыслардың нәтийжесинде тек ғана 2024-жылы 2,7 миллион пуқараға социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетилди.

Инсан қәдирин жоқарылатыўда билимлендириўдиң орны шексиз. Сол себепли мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тармағы кеңейтилди, улыўма орта билимлендириўдиң сапасын арттырыў илажлары көрилди, жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны ҳәм жоқары билимлендириў менен қамтып алыў имканиятлары артты. Әсиресе, жасларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәм заманагөй билимлер бериўге итибар күшейтилди. Имканияты шекленген балалар ушын инклюзив билимлендириў раўажландырылмақта.

Ҳәр бир пуқараның мүнәсип мийнет етиўи ҳәм дәрамат табыўы ушын имканият жаратыў инсан қәдирин тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти болып табылады. Усы мақсетте исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын ашыў, кәсип-өнерге оқытыў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың дәраматларын көбейтиўге қаратылған бағдарламалар системалы әмелге асырылмақта.

Жәҳән банки мағлыўматларына бола, Өзбекстанда миллий кәмбағаллық дәрежеси 2021-жылдағы 17 проценттен 2025-жылы 5,8 процентке түсти. Бул дәўирде шама менен 3,7 миллион халық кәмбағаллықтан шығарылды. Мәмлекетимизде кәмбағаллық дәрежеси ҳәзирги ўақытта 2017-жылдағы 35 проценттен 3,6 процентке шекем төменледи.

Сондай-ақ, халықтың саламатлығын қорғаў, медициналық хызметтиң сапасын арттырыў ҳәм оның аймақлар бойынша ғалабалығын тәмийинлеў бағдарында бир қатар илажлар көрилди. Басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем системасын жетилистириў, аўыллық ҳәм шетки аймақларда медициналық хызмет имканиятларын кеңейтиў, қәнигелестирилген медициналық орайлардың жумысын раўажландырыў бағдарындағы жумыслар унамлы нәтийжесин бермекте. Тийкарғысы, бул реформалар ҳәр бир инсанның пуқта билим алыўы, кәсип ийелеўи, денсаўлығын қорғаўы ҳәм жәмийетте орнын табыўына хызмет етпекте.

Ерисилген нәтийжелер менен бирге, инсан қәдирин және де жоқарылатыў ушын шешилиўи керек болған әҳмийетли ўазыйпалар да бар. Президентимиз ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығына бағышланған салтанатлы байрам илажында алға қойған келешектеги раўажланыўымыздың жети миллий бағдарламасы мине усы бослықты толтырыўға хызмет етиўи менен бирге, сөзсиз, жаңа Өзбекстанның миллий раўажланыў дәўири сыпатында тарийхтан айрықша орын ийелейди.

Усы жыл 10-ноябрьде Президентимиздиң инсан қәдирин ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў, билимлендириў, медицина ҳәм экономиканы раўажландырыў, тәбийғый ресурсларды сақлаў, суд еркинлиги ҳәм нызам үстинлигин беккемлеў, мәҳәлле мәплерин тәмийинлеў және тынышлық сүйер сиясатты даўам еттириўге қаратылған жети миллий бағдарламаны әмелге асырыўға қаратылған пәрманы қабыл етилди.

Онда билим ҳәм тәжирийбени раўажланыўдың тийкарғы капиталына айландырыў, халықтың саламат ҳәм узақ өмир сүриўин тәмийинлеў, жоқары технология ҳәм мийнет өнимдарлығына тийкарланған экономиканы раўажландырыў, суў ресурслары ҳәм тәбиятқа мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгертиў, суд еркинлигин күшейтиў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, мәҳәллени жәмийет раўажланыўының тийкарғы буйыртпашысына айландырыў және Өзбекстанның тынышлық, дослық ҳәм кеңпейиллик дияры сыпатындағы абырайын арттырыўдан ибарат мақсетлер шеңберинде оларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўға қаратылған бағдарлар белгилеп берилди.

Соның ишинде, пәрманда миллий экономиканы раўажландырыўға қаратылған мақсетлер шеңберинде экономикаға 450 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы сырт ел инвестициясын тартыў, жалпы ишки өним көлемин 300 миллиард АҚШ долларына жеткериў, санаатта 2 миллион жоқары дәраматлы жумыс орнын жаратыў, стартаплар, венчур капитал ҳәм жасалма интеллектти раўажландырыўды тийкарғы бағдарға айландырыў белгиленди.

Буннан тысқары, киши исбилерменлик субъектлерин орта, орта кәрханаларды болса ири компания ҳәм корпорацияларға айландырыў бойынша тутас екосистема қәлиплестириледи. Халықтың жан басына туўра келетуғын жалпы ишки өнимниң көлеми 10 мың АҚШ долларынан асырылады.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, ўәлаятлар, районлық ҳәм қалалық халық депутатлары кеңеслерине миллий бағдарламалардың орынланыўы үстинен парламентлик ҳәм депутатлық қадағалаўды әмелге асырыў усыныс етилди.

Инсан қәдирин арттырыў бағдарындағы реформалар мәмлекеттиң социаллық-экономикалық ҳәм сиясий раўажланыўы менен тиккелей байланыслы. Қалаберди, инсан қәдирин жоқарылатыў бир мәртелик илаж емес, ал турақлы даўам ететуғын процесс. Буның ушын нызам үстинлигин тәмийинлеў, әдил жәмийет қурыў, коррупцияға қарсы гүресиў, билимлендириў ҳәм медицинаның сапасын арттырыў, ҳәр бир инсан ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў зәрүр.

Әне усы мақсетлерге қаратылған жети миллий бағдарламаның орынланыўы үстинен парламентлик ҳәм депутатлық қадағалаўды орнатыў арқалы биз, халық ўәкиллери тарийхый раўажланыў процесине өз үлесимизди қосамыз.

Қобил ТУРСУНОВ,

Олий Мажлис Сенатының Бюджет ҳәм экономикалық мәселелери

комитети баслығының орынбасары