Илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Иордания Ҳошимийлер Патшалығының Патшасы Абдулла II, Әзербайжан ҳәм Қырғызстанның жоқары мәртебели ўәкиллери ҳәм басқа да сырт елли мийманлар қатнасты.
Халықаралық ҳәм регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиўдиң әҳмийетли мәселелери, санлы технологиялардың раўажланыўына байланыслы жаңа қәўип-қәтерлер көрип шығылды.
Мәмлекетлер арасындағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм, бәринен бурын, жаслар арасында радикалласыўдың алдын алыў механизмлерин жетилистириўге айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде қәўипсизлик ҳәм турақлылыққа қәўип-қәтерлер күшейип баратырған шараятта Ақаба процесиниң әҳмийетин жоқары баҳалады.
Жасалма интеллект технологияларының жедел раўажланыўы тек ғана инсаният ушын үлкен имканиятлар жаратып қоймастан, ал жаңа қәўип-қәтерлерди де пайда етип атырғаны атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен сапалы билимлендириў ҳәм инсан потенциалын толық жүзеге шығарыў ушын шараят жаратыў қәўипсизликтиң әҳмийетли тийкары болып есапланады.
Илим ҳәм ағартыўшылықтың гуманистлик дәстүрлерин заманагөй илим жетискенликлери менен үйлестириў мақсетинде Өзбекстан Президенти "Инсан мәпи жолындағы санлы раўажланыў" басламасын алға қойды. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – жасалма интеллект потенциалын билимди үгит-нәсиятлаў, өз-ара исеним орталығын беккемлеў, шахстың раўажланыўы ушын жаңа имканиятлар жаратыўға бағдарлаў.
БМШтың жасалма интеллектти басқарыў мәселелери бойынша Глобал қарым-қатнасы қоллап-қуўатланды.
Глобаллық ҳәрекетлерди беккемлеў мақсетинде Орайлық Азия мәмлекетлерине терроршылық мазмуны ҳаққында ескертиў каналларын иске қосыў ҳәм олардың жумысын жолға қойыў, терроризмди қаржыландырыў жағдайларын анықлаў, қәнигелердиң маманлығын арттырыў ҳәм бул ушын жасалма интеллекттен нәтийжели пайдаланыўда әмелий жәрдем көрсететуғын БМШтың Терроризмге қарсы гүресиў басқармасының регионаллық офисин Өзбекстанда ашыўға таяр екенлиги билдирилди.
Сондай-ақ, Ташкенттеги Ислам цивилизациясы орайы негизинде "Санлы дәўирде жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық" халықаралық бағдарламасын иске қосыў, оның тийкарғы ўазыйпалары көп тилли ресурсларды жаратыў, диний уламаларды мәлимлеме орталығында жумыс ислеўге таярлаў, ислам дининиң адамгершилик қәдириятларын үгит-нәсиятлаўшы жас изертлеўшилерди қоллап-қуўатлаўдан ибарат болыўы усыныс етилди.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жасалма интеллекттиң келешеги тек ғана технологиялық раўажланыўға емес, ал оннан қандай мақсетлерде пайдаланыўға да байланыслы екенин, соның ушын жаңа технологияларды қәўип-қәтерлер дәрегине емес, ал тынышлық, қәўипсизлик ҳәм инсан раўажланыўын тәмийинлеўдиң қүдиретли қуралына айландырыў улыўма умтылыс болыўы керек екенлигин атап өтти.