Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы тәрепинен Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы сыртқы саўда, инвестициялық бирге ислесиў ҳәм санаат кооперациясы динамикасын сәўлелендириўши инфографика таярланды.

Өз-ара саўда көрсеткишлери

Қазақстан Өзбекстанның ең ири сыртқы саўда шериклеринен бири болып, товар алмасыў көлеми бойынша Орайлық Азия мәмлекетлери арасында биринши орында турады.

2016-2025-жыллары Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы товар алмасыў 2,6 есеге артып, 1,9 миллиард доллардан дерлик 5 миллиард долларға жетти.

2026-жылдың январь-август айларында өз-ара саўда көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 23,4 процентке өсип, 3,74 миллиард долларға жетти. Онда Өзбекстанның Қазақстанға экспорты 1,02 миллиард долларды, импорты болса 2,72 миллиард долларды қураған.

 Усы дәўирде Қазақстанның Өзбекстанның Орайлық Азия мәмлекетлери менен сыртқы саўдасындағы үлеси 61 процентке жетти.

Өз ара саўда дүзилиси

Өзбекстанның Қазақстанға экспортының қурамында машина ҳәм үскенелер 32 процентти, санаат товарлары 15 процентти, азық-аўқат өнимлери 15 процентти, хызметлер 14,3 процентти қурайды.

Экспорт етилетуғын тийкарғы товарлар автомобильлер, мийўе-овощ, тоқымашылық ҳәм химия санааты өнимлери, қурылыс материаллары ҳәм басқа да таяр өнимлер болып есапланады.

Қазақстаннан импорт қурамында азық-аўқат өнимлери - 40 процент, санаат товарлары - 23 процент, майлар - 10 процент, хызметлер - 2,4 процентти қурайды.

Импорт етилетуғын тийкарғы товарлар - дән ҳәм ун өнимлери, металлургия өнимлери, нефть өнимлери, санаат шийки заты, машиналар ҳәм басқа да товарлар болып есапланады.

Еки мәмлекет арасында өз-ара саўда көлемин 2030-жылға шекем 10 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.

Инвестиция бирге ислесиўи

2026-жыл октябрь жағдайына бола, Өзбекстанда Қазақстан капиталының қатнасыўындағы 1 378 кәрхана жумыс алып бармақта. Бул Орайлық Азия мәмлекетлери капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың улыўма санының дерлик 58 проценти, яғный 2 мың 384 ти қурайды.

2016-2025-жылларда Қазақстаннан Өзбекстанға тартылған тиккелей сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлериниң жәми көлеми 1,7 миллиард долларды қураған.

2025-жылы Қазақстаннан тартылған инвестиция ҳәм кредитлер көлеми 870 миллион долларға жетти.

Қазақстан капиталының қатнасыўындағы кәрханалар тийкарынан саўда, санаат, қурылыс, финанслық хызметлер ҳәм логистика тараўларында жумыс алып бармақта.

2026-жыл май айында Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлериниң қатнасыўында инвестиция ҳәм саўда тараўындағы келисимлерди әмелге асырыў бойынша "жол картасы"на қол қойылған еди. Ҳүжжет автомобиль қурылысы, энергетика, химия санааты, металлургия, фармацевтика, логистика, қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында биргеликтеги жойбарларды қамтып алған.

2026-жыл июль жағдайына бола, еки мәмлекет улыўма баҳасы 1,8 миллиард доллардан аслам 80 қоспа жойбар үстинде жумыс алып бармақта. Соннан 227 миллион долларлық 15 жойбар иске қосылып, 5 мыңға шамалас жумыс орны жаратылған.

Улыўма баҳасы 102 миллион доллар болған және 6 жойбар жедел әмелге асырылмақта, 1,5 миллиард долларлық 59 перспективалы баслама ислеп шығылмақта.

Буннан тысқары, еки мәмлекет арасында инвестиция ҳәм саўда тараўында 7,8 миллиард долларлық "жол картасы" әмелге асырылмақта. Бул бирге ислесиў шеңберинде санаат кооперациясын раўажландырыў, өз-ара өним жеткерип бериўди кеңейтиў ҳәм жаңа инвестицияларды тартыў нәзерде тутылмақта.