Тәреплер энергетика, инфраструктура, денсаўлықты сақлаў, таў-кән ҳәм санааттың басқа да тармақларында тийкарғы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин додалады. Жаңа Ташкент халықаралық аэропорты, қуўатлылығы 1000 МВт болған самал электр станциясы, "Сырдәрья-2" ыссылық электр станциясы ҳәм медицина объектлерин қурыўға айрықша итибар қаратылды.
Стратегиялық әҳмийетке ийе пайдалы қазылмалар ҳәм уран санааты тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, молибден, вольфрам ҳәм индий жеткерип бериў, сондай-ақ, Япония технологиялары ҳәм шериклерин тартыў перспективалары көрип шығылды.
Ушырасыў жуўмағында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў, олардың орынланыў механизмлери ҳәм мүддетлерин анықластырыў, сондай-ақ, Стратегиялық бирге ислесиў жол картасын жаңалаў бойынша гезектеги илажлар келисип алынды.