Спортшыларымыз пневматикалық пистолеттен 10 метр аралықтан оқ атыў бойынша ер адамлар арасында өткерилген командалық жарыста тарийхый жеңиске еристи.
Владимир Свечников, Садықжан Абдуллаев ҳәм Муҳаммад Камалов финалда 1738 очко топлап, бронза медалын қолға киргизди.
Итибарлы тәрепи, 2-орынды ийелеген Корея Республикасы сайланды командасы да 1738 упай топлады. Бирақ қосымша көрсеткишлер бойынша кореялы спортшылар үстинликке еристи.
Орынлардың жуўмақлаўшы бөлистирилиўи:
Алтын: Қытай - 1755 упай
Гүмис: Корея Республикасы - 1738 упай
Бронза: Өзбекстан - 1738 упай
Усы тәризде өзбекстанлы спортшылар миллий оқ атыў спорты тарийхында жаңа бет ашты.