Оқыў бағдарлары қатарында ҳаўа кемелерине техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оңлаў, ушыўшысыз технологиялар, жасалма интеллект, программалық тәмийнат ҳәм логистика сыяқлы бағдарлар бар.

Сондай-ақ, корейс тилин үйрениў ҳәм мийнетти қорғаў тийкарларын үйретиў бағдарламалары нәзерде тутылған.

“Hanseo” университети оқыў бағдарламаларын ислеп шығып, маман оқытыўшыларды тартады ҳәм зәрүр үскенелер менен тәмийинлейди. Оқыўды табыслы тамамлаған қатнасыўшыларға университет бирге ислесиўши компания ҳәм шөлкемлерге жумысқа жайласыўында жәрдем береди.

Миграция агентлиги пуқараларды бағдарламалар ҳаққында хабардар етеди, талабанларға арза бериў бойынша мәсләҳәтлер береди ҳәм еки мәмлекеттиң тийисли шөлкемлери менен өз-ара бирге ислесиўди муўапықластырады.

Бирге ислесиў Өзбекстан пуқараларының сырт елде кәсипке таярланыўы ҳәм қәнигелиги бойынша жумыс ислеўи ушын имканиятларды кеңейтиўге қаратылған.