Өзбекстан Билимлендириў ҳәм илим министрлигиниң мағлыўматына бола, соннан 19 жоқары оқыў орны рейтингтиң биринши мыңлығынан орын алды, 6 жоқары оқыў орны топ-500 ди, 2 жоқары оқыў орны топ-200 ди ийеледи.

Өзбекстан жоқары оқыў орынлары арасында Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты (ТИАХМИИ) Миллий изертлеў университети жетекши болып, Азияда 113-орынды, Орайлық Азияда болса 4-орынды ийеледи. Өзбекстан Миллий университети Азия рейтингинде 196-орынды, регионаллық рейтингте болса тоғызыншы орынды ийеледи.

Ең жоқары баҳа берилгенлер қатарынан Самарқанд мәмлекетлик университети (215-орын), Ташкент мәмлекетлик экономика университети (255 орын) ҳәм Ташкент мәмлекетлик техника университети (281 орын) де орын алған.

Өзбекстанның және 14 жоқары билимлендириў мәкемеси Азия рейтингинде 469-орыннан 1000-орынға шекемги мәнзиллерди ийелеген. Наманган, Ташкент, Үргенш, Қаршы, Бухара, Ферғана, Жиззақ ҳәм Нөкис университетлери усылар қатарына киреди.

Мәмлекетимиздиң қалған 19 жоқары билимлендириў мәкемеси 1001-орыннан баслап орынларды ийеледи. Әндижан мәмлекетлик университети, Орайлық Азия университети, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети, Гүлистан мәмлекетлик университети ҳәм басқа да жоқары оқыў орынлары усылар қатарына киреди.

Ерисилген нәтийжелер мәмлекетимиздиң жоқары билимлендириў системасындағы реформаларды, илим ҳәм билимлендириў интеграциясын, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўди сәўлелендиреди, деп атап өтеди министрлик.