Шегирме алыў ушын kontrakt.edu.uz арқалы арза жибериў керек. Арза 2 жумыс күнинде көрип шығылады ҳәм педагогтың перзенти екенлиги тастыйықланғаннан соң, шегирме автоматикалық түрде қолланылады.

Төмендегилерге шегирме берилмейди:

жоқары әскерий ҳәм әскерийлестирилген билимлендириў шөлкемлери ушын;

мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлери ушын;

Өзбекстанда жумыс алып барып атырған сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм олардың филиаллары ушын;

қосымша ҳәм дифференцияластырылған төлемли-контракт ушын;

сырт елли бирге ислесиўши ЖООлардың қоспа билимлендириў бағдарламалары тийкарында ҳәм факультетлери ушын;

кешки, аралықтан ҳәм сыртқы билимлендириў формасы ушын.

Педагог перзентлерине шегирме оқыў жылы ушын бир мәрте қолланылады. Демек, ҳәр жылы қайтадан шегирме алыў мүмкин.

Педагог перзентлериниң әкеси ямаса анасы педагог категориясынан шығарылған жағдайда, кейинги оқыў жылынан баслап оған шегирме қолланыў тоқтатылады.

Айырым сораўларға жуўаплар:

Педагог дегенде ким түсиниледи өзи?

Жуўап: Әдиллик министрлиги тәрепинен 2026-жыл 9-июньде 3849-сан менен дизимнен өткерилген (https://lex.uz/docs/8259328) Педагогикалық жумыс пенен байланыслы лаўазымлар дизиминде 465 лаўазым атамасы тастыйықланған. Усы 465 лаўазымда ким болса, соның перзенти (перзентлери) ушын 30 процентлик шегирме бериледи.

Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериндеги тәрбияшылар ушын бул қарар қолланыла ма?

Жуўап: Аўа, қолланылады. Бақша тәрбияшыларының контрактте оқып атырған перзентлери ушын да 30% шегирме қолланылады.

Жоқары оқыў орынларындағы тьюторлардың перзентлери ушын бул қарар қолланыла ма?

Жуўап: яқ, тьюторлар дизимнен жоқ екенлиги себепли олардың перзентлерине шегирме берилмейди.

Оқыў орайларындағы оқытыўшылардың перзентлери ушын бул қарар қолланыла ма?

Жуўап: жоқ, оқыў орайлары дизимнен жоқ екенлиги себепли олардың перзентлерине шегирме берилмейди.

Толық болмаған грантта оқып атырған (50% мәмлекетлик грант, 50% контракт) студенттиң контракт суммасы ушын да шегирме бериле ме?

Жуўап: аўа, шегирме бериледи. 50% контракт бөлеги ушын 30% шегирме қолланылады.

Қарар шығарылмастан алдын 2026/2027-оқыў жылы ушын контракт төлемин толық ямаса бир бөлегин төлеп қойғанлар ушын шегирме қалай есапланады? Артықша төленген сумма қайтарыла ма ямаса кейинги жыл есабы ушын өткериле ме?

Жуўап: аўа, төлеп қойғанлар ушын да шегирме қолланылады ҳәм артықша төленген сумманы қәлесе қайтарып алыўы, қәлесе келеси оқыў жылы ушын өткерип жибериўи мүмкин.

Педагог жеке меншик билимлендириў шөлкеминде ислесе де шегирме бериле ме ямаса тек мәмлекетлик билимлендириў шөлкеминде ислеўи керек пе?

Жуўап: жеке меншик билимлендириў шөлкеминде, мәселен, жеке меншик жоқары оқыў орны, жеке меншик мектеп ямаса жеке меншик бақшаларда ислеп атырған педагоглардың перзентлери ушын да 30% шегирме бериледи.

Қосымша сораўларды Телеграм ботымыз (@uztdibot (https://t.me/uztdibot)) ға жибериўиңиз мүмкин.