Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстан районларын социаллық-экономикалық раўажландырыў ушын жаңа система жолға қойылған еди. Оған бола, ҳәр бир район бир ўәлаятқа бириктирилген. Усы тийкарда аймақлар арасында тәжирийбе алмасыў ҳәм бириктирилген аймақларға әмелий жәрдем көрсетиў мақсет етилген. Соның ишинде, Сурхандәрья ўәлаяты Тақыятас районы менен мине усы тийкарда бирге ислесиўи нәзерде тутылған.
- Бул еки аймақ халқының бир-биринен тәжирийбе үйрениўи ушын оғада жақсы имканият болды. Оның шеңберинде аналардың саламатлығын сақлаў, ҳаял-қызлардың мәселелерин шешиў, халық билимлендириўи, бәнтликке жәрдемлесиў бағдарында белгили жумыслар исленбекте, — дейди Сурхандәрья ўәлаяты Узун районы халық депутатлары кеңесиниң баслығы Дилором Сапарова. - Биз Тақыятас районының Қусшылық мәҳәллесине бириктирилгенбиз. Жүзимгершилик бойынша өз алдына үлгили жумысларды баслап жибердик. Буннан тысқары, бағлар ҳәм оқыў орайларын шөлкемлестириўди де режелестиргенбиз.
Сурхандәрья ўәлаяты ўәкиллериниң Тақыятастағы үйрениўлери Қусшылық мәҳәллесинен басланды. Бул жерде жумысшы топар ағзалары дәслеп социаллық реестрге киргизилген шаңарақларды барып көрди. Биринши мәнзил Булбул Гаипованың шаңарағы болды. Шаңарақта 4 шаңарақ жасайды. Процессте шаңарақ ағзаларының турмыс шараяты, күнделикли талаплары ҳәм машқалалары үйренилди.
- Бир үйде 4 шаңарақ жасаймыз. Келин болып келгениме 14 жыл болды. Төрт перзентим бар. Мәҳәлледе социаллық реестрде турамыз. Күйеўим ағаш устасы болып ислейди. Өзим үйде балаларыма қарап отыраман. Турақлы жумысым жоқ. Ҳәзир балалар ушын напақа аламыз. Буннан басқа да жәрдем берилмекте. Мәселен, азық-аўқат өнимлери, балаларыма кийим-кеншек, оқыў қураллары да берилип атыр. Төрт балам да қосымша дөгерекке бийпул қатнаспақта. Сурхандәрья ўәлаятынан жумысшы топар келип, үйдеги шараятымызды келип көрди, — дейди Булбул Гаипова. - Үйрениў нәтийжесине қарап мәселелеримизди шешиў, турақлы дәрамат табыўға жәрдемлеседи екен. Буннан, әлбетте, қуўанышлымыз.
Исраилова Мафтуна буннан 10 жыл алдын Әндижаннан Қарақалпақстанға келин болып келген. Бүгин ол 3 перзентин тәрбиялаў менен бирге тигиўшилик пенен шуғылланбақта. Усы өнери себепли шаңарағына қосымша дәрамат алып келмекте. Бирақ тигиў машинасы бираз гөнерген. Енди мәҳәлле тәрепинен оған жаңа тигиў машинасы берилетуғын болды. Бул шаңарақтың экономикалық жағдайын жақсылаў менен бирге Мафтунаның тигиўшилик жумысын кеңейтиўине де имканият береди.
- Президентимиздиң усы жыл 18-19-сентябрь күнлери Қарақалпақстанға сапарында берилген тапсырмаларды орынлаў бойынша Узун районынан бир қатар жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм районлық кеңестиң депутатлары менен бирге Тақыятасқа келдик, — дейди Сурхандәрья ўәлаяты Узун районы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлиминиң баслығы Зиёдилла Абданов. - Қусшылық мәҳәллесиндеги шаңарақлардың жағдайын үйрендик. Атап айтқанда, социаллық реестрде турыўшы шаңарақлардың жағдайы менен жақыннан танысты. Усы тийкарда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, шаңарақлардың дәраматын арттырыў мақсет етилген. Онда исбилерменлердиң қатарын кеңейтиў үлкен әҳмийетке ийе. "Мәҳәлле жетилиги" менен биргеликтеги үйрениў процесинде аймақта социаллық реестрде туратуғын 36 шаңарақтың исбилерменликти жолға қойыў имканияты, бәнтликке мүтәжлиги анықланды. Процессте зәрүр үскене менен тәмийинлеў, кәсипке оқытыў сыяқлы мәселелер де талланды. Енди анық реже тийкарында жәрдемге мүтәж шаңарақ ўәкиллерин қысқа мүддетте кәсипке оқытып, исбилерменликти жолға қойыўына жәрдемлеспекшимиз. Бунда барлық имканиятты иске салып, Узун тәжирийбесин қолланамыз.
Ҳәзир Қусшылық мәҳәллесинде 327 шаңарақ бар. Аймақтағы жумыссызлық дәрежеси 6,8, кәмбағаллық болса 8,2 процентти қурайды. Сурхандәрьялылар халықтың дәраматын арттырыў илажын көрип, бул көрсеткишлерди тез арада азайтыўды мақсет еткен.
- Өткен жылы Сурхандәрья ўәлаяты Узун районындағы 9 мәҳәлледе жүзимгершилик жолға қойылды. Улыўма есапта 6,5 километр көше үсти тазаланды. Бул тәжирийбени Қусшылық мәҳәллесинде де енгизиў, соның ишинде, аймақты жүзимгершиликке қәнигелестириў ушын биринши қәдемлерди басладық. 12 шаңарақта 100 метрлик жүзим салынды. Усы жылдың ақырына шекем 1 километрден аслам жерде жүзимзарлық шөлкемлестириўди мақсет еткенбиз, — дейди Узун районы "Өзбекстан" МПЖдағы ҳәким жәрдемшиси Акбаржон Бойматов. - Ҳәр бир шаңарақта 4 түптен жүзим болғанда да 500 килограммнан 2 тоннаға шекем өним алыў мүмкин. Бул халыққа ҳәр жылы орташа есапта 20 миллион сумға шекем қосымша дәрамат келтиреди.
Аймақлар арасындағы аўызбиршиликтиң мәниси бир жердеги тәжирийбени үйрениў, оны басқа аймақ шараятына бейимлестириў ҳәм анық нәтийжеге ерисиўден ибарат. Қарақалпақстанда болса бул бағдардағы жумыслар қызғын даўам етпекте.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы