Президентимиздиң тапсырмаларына муўапық, Нөкис районында улыўма қуўатлылығы 1 ГВт болған дата-орайларды өз ишине алатуғын технопарк шөлкемлестириледи. Бул технопаркти "жасыл" энергия менен тәмийинлеў нәзерде тутылған.

Жойбар шеңберинде Қарақалпақстандағы перспективалы самал электр станцияларының қуўатлықларын дата-орайлар менен байланыстырыў ушын жаңа электр инфраструктурасы қурылады.

Атап айтқанда, 500/220 кВ кернеўли жаңа подстанция ҳәм қосымша 220 кВ электр узатыў тармағы қурылады. Бул инфраструктура Нөкистеги дата-орайларды региондағы 3,3 ГВт қуўатлылықтағы самал электр станциялары менен байланыстырыў ҳәм оларды электр энергиясы менен тәмийинлеў имканиятын береди.

Онда дата-орайлардың электр энергиясына болған талабы халық ҳәм экономика тармақларының ҳәзирги тутыныўына тәсир көрсетпеген ҳалда тәмийинленеди. Буның ушын дата-орайларды айрықша аймақта жәмлестириў ҳәм оларды зәрүр энергетика инфраструктурасы менен тәмийинлеўге комплексли қатнас жүргизиледи.

Дата-орайларды бир жерде жайластырыў арқалы инфраструктураға жумсалатуғын қәрежетлерди оптималластырыў, электр тәмийнатын нәтийжели шөлкемлестириў имканияты жаратылады. Соның менен бирге, шөлкемлестирилетуғын бул ири дата-орайлар тек ғана Өзбекстан емес, ал пүткил регион ушын санлы хызметлер ҳәм жоқары технологиялы шешимлерди усыныўға хызмет етиўи нәзерде тутылмақта.

Жаңа энергетика инфраструктурасының биринши басқышын 2027-жылдың 2-ярым жыллығында ҳәм толық қуўатлылықта 2028-жылдың 2-ярым жыллығында иске қосыў режелестирилген.

Жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде жаңа дата-орайларды электр энергетика системасына интеграциялаў, жоқары технологиялы инвестицияларды тартыў ҳәм Қарақалпақстанның бар энергетикалық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў ушын зәрүр шараят жаратылады.