Кейинги жыллары елимизде электротехника тармағын раўажландырыў, қосымша
қуны жоқары өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм экспортты кеңейтиў бойынша системалы
жумыслар әмелге асырылды. Нәтийжеде, тараўда өндирис көлеми 2018-жылдағы 4,7
триллион сумнан 43,1 триллион сумға жетти, экспорт 1 миллиард доллардан артты.
Бүгинги күнде Өзбекстан электротехника өнимлери 65 мәмлекетке жеткерип
берилмекте.
Тармақта өнимлердиң қурамы да өзгермекте. Мыстан таярланып атырған
өнимлердиң ислеп шығарылыўы ҳәм экспорты артты, ал арзан баҳадағы өнимлердиң
үлеси сезилерли дәрежеде азайды. Турмыслық техника бойынша ишки талаптың 80
проценти жергиликли өнимлердиң есабынан қапланбақта, ислеп шығарылып атырған
өнимлердиң 30 проценти экспорт етилмекте. Қуяш панельлери, жоқары кернеўли
кабельлер, электромобильлерди қуўатлаў станциялары, вакуум өширгишлер, жоқары
кернеўли ажыратқышлар, ыссылық насослары сыяқлы жүзлеген жаңа түрдеги өнимлер
өзлестирилди.
Усы жылдың жети
айында тармақта 30 триллион сумлық өним ислеп шығарылды, 706 миллион долларлық
экспорт тәмийинленди. 148 миллион долларлық 16 жойбар иске қосылып, 1,2 мың
жумыс орны жаратылды. Жылдың ақырына шекем 51 триллион сумлық өнимди ислеп
шығарыў, экспортты 1,6 миллиард долларға жеткериў, 420 миллион долларлық 67 жойбарды
иске қосыў ўазыйпасы белгиленген.
Презентацияда
2030-жылға шекем электротехника ҳәм оған байланыслы санаатта өндиристиң көлемин
11 миллиард долларға, экспортты 5 миллиард долларға жеткериў, 3 миллиард
долларлық инвестиция тартыў, мысқа қосымша қунды 35 процентке алып шығыў
режелери көрип шығылды.
Бул ушын елимизде
зәрүр шийки зат базасы ҳәм базар бар. Жылына 150 мың тоннадан аслам мыс катоды
ислеп шығарылмақта, жаңа қуўатлықлар есабынан бул көрсеткиш 300 мың тоннаға
жеткериледи. Сондай-ақ, 15 гигаваттлы қуяш ҳәм самал электр станцияларын иске
қосыў режелестирилген болып, бул электротехника өнимлери ушын жылына 500
миллион долларлық буйыртпа базарын қәлиплестиреди.
Соның менен
бирге, тараўда шешилиўи зәрүр болған мәселелер де бар. Айырым кәрханаларда айланыс
қаржы ушын кредит алыўда гиреў тәмийнаты жетиспей атыр, мыс шийки затын биржа
арқалы сатып алыўда қолайлы финанслық инструментлер талап етилмекте, ири
халықаралық брендлерди тартыў ушын кепилленген механизмлерди кеңейтиў зәрүр.
Халықтың турақ жайлар қурылысының артып баратырғаны да электротехника
өнимлерине талапты арттырмақта.
Усы мүнәсибет
пенен тармақ кәрханаларын финанслық қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа механизмлер
усыныс етилди. Соның ишинде, мыс шийки затын сатып алыўда төлемниң 25 процентин
кәрханалар, қалған 75 процентин “Өзсанаатэкспорт” АЖ әмелге асырады. Кәрханалар
бул қаржыны 90 күн ишинде жыллық 6 процентке шекемги ставкада қайтарады. Бул
мақсетлер ушын 50 миллион доллар ресурс қаратылады.
Енди кредитлер
бойынша экспорт шәртнамалары, қамсызландырыў полислери сыяқлы басқа да тәмийнат
түрлерин де қабыл етиў имканияты жаратылады. Инвестициялық жойбарларға миллий
ҳәм сырт ел валютасында ажыратылған кредитлердиң бир бөлеги үш жыл даўамында
қаплап бериледи.
Кеминде 50
миллион долларлық инвестиция киргизетуғын ири халықаралық бренд компанияларына
салық жеңилликлери берилип, инфраструктураға ийе таяр имаратлар усыныс етилди.
Электротехника санааты кәрханалары ушын салық ҳәм бажыхана жеңилликлериниң
мүддетин 2030-жылға шекем созыў, тутас жергиликли санаат кәрханаларын да
қоллап-қуўатлаў нәзерде тутылмақта.
Экспортты
кеңейтиў мақсетинде сырт ел базарларында саўда қоймаханаларын шөлкемлестириў,
өнимлерди сертификатлаў ҳәм сыртқы базарларға шығарыў процесслерин жеңиллетиў
илажлары көриледи. Сондай-ақ, Аўғанстан, Монголия, Қазақстан ҳәм Ирак
базарларына комплексли технологиялық шешимлердиң экспортын кеңейтиў
имканиятлары көрип шығылды.
Тармақта
инновация ҳәм илимий-изертлеў жумысларын күшейтиў ушын Төртинши санаат
революциясы илимий-изертлеў ҳәм инновация орайын шөлкемлестириў усыныс етилди.
Орай жаңа өнимлерди санлы модельлестириў, сынақтан өткериў, локализациялаў,
прототиплерин таярлаў ҳәм кәрханаларға инжиниринг хызметлерин көрсетиў менен
шуғылланады.
Президентимиз
жуўапкерлерге электротехника санаатында қосымша қунды арттырыў, жоқары
технологиялық өнимлер ҳәм материаллар ислеп шығарыўды өзлестириў, жергиликли
кәрханаларды глобаллық қун шынжырларына алып кириў бойынша тапсырмалар берди.