Илажда мәмлекетимиз басшысы жыйналғанларды ең уллы ҳәм ең әзиз байрам - Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы менен қызғын қутлықлады.

- Тарийхый өлшем бойынша 35 жыл - қысқа мүддет. Бирақ өткен жыллар өзиниң көлеми, жетискенликлери ҳәм нәтийжелери менен бир әсирге тең болды, десек, алжаспаған боламыз, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиздиң атап өткениндей, бул өзгерислердиң ҳақыйқый авторы мийнеткеш ҳәм уллы мәртебели халқымыз болып есапланады.

Ғәрезсизликтиң шын мәнисиндеги қәдири аўылларда ырысқы-несийбе жаратып атырған жерлеслеримиз - фермер ҳәм дийқанлар, жас әўладты тәрбиялап атырған устаз ҳәм тәрбияшылар, инсан өмирин сақлап қалып атырған шыпакерлер, жаңа идея ҳәм ойлап табыўлар үстинде ислеп атырған илимпазлар, заманагөй кәрханалар шөлкемлестирип атырған санаатшы ҳәм исбилерменлердиң дөретиўшилик мийнетинде көринбекте.

Қала ҳәм аўылларды абат етип атырған қурылысшы ҳәм архитекторлар, мәденият, көркем өнер ҳәм спорт тараўы ўәкиллери, сондай-ақ, реформалардың мазмун-мәниси ҳәм нәтийжелерин ҳәр бир мәҳәлле ҳәм шаңараққа жеткериўди тәмийинлеп атырған мәмлекетлик хызметкерлер, орынларда адамларды ийгиликли мақсетлер жолында бирлестирип атырған нураныйлар ҳәм мәҳәлле белсендилери, елимизде тынышлық-татыўлықты тәмийинлеп атырған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң үлеси айрықша атап өтилди.

Соңғы он жылда экономикамызға 160 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициялары кирип келди, экономиканың көлеми 2,5 еседен зыятқа артты. Усы жылы жалпы ишки өним көлемин 180 миллиард доллардан асламға жеткериў мақсет етилген. Санаат, хызмет көрсетиў, аўыл хожалығы тараўларында 5 миллион 700 мың турақлы жумыс орны жаратылған.

Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектордың қатнасыўында 1 миллион 500 мың орынлық мектеплер, 342 мың орынлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ҳәм 62 мың орынлық емлеўханалар қурылды. 83 мың километр улыўма пайдаланыўдағы ҳәм ишки жоллар қурылды ҳәм оңланды. 8 миллион халық биринши мәрте орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленди, және 11,5 миллион халықтың ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланды. Кейинги он жылда 650 мың шаңарақ жаңа турақ жайға ийе болды.

- Жаңа Өзбекстанның ең үлкен нәтийжеси - бул өзгерген турмыс, өз күшине исенген пуқара ҳәм мәмлекет келешегине өзиниң қатнасын сезген жәмийет, - деди Президент.

Мине усындай ийгиликли өзгерислерге мүнәсип үлес қосқан 558 пидайы ўатанласымыз ғәрезсизликтиң 35 жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықланды.

- Мен ҳәр бириңиздиң машақатлы мийнет жолыңызды, ерискен жетискенликлериңизди, мәмлекетимиздиң раўажланыўына қосып атырған мүнәсип үлесиңизди жақсы билемен, - деди Президент.

Сыйлықланғанлар арасында көп жыллар даўамында Хорезм ўәлаятындағы дөретиўшилик жумысларға үлес қосып киятырған, бүгинги күнде кексе әўлад ўәкиллерин изине ертип киятырған Рустам Султонов, өз өмирин Сурхандәрья ўәлаятында шөлистанлықты өзлестириў ҳәм дийқаншылықты раўажландырыўға бағышлаған мийнет ветераны Абдусаттор Қурбонов та бар.

Көп жыллардан берли Бекабад металлургия комбинатында полат қуйыўшы болып ислеп киятырған Ғуламжан Турановтың "Өзбекстанда хызмет көрсеткен санаат хызметкери" ҳүрметли атағы менен сыйлықланғаны пүткил металлурглар жәмәәтиниң мийнетине жоқары баҳа болды.

Пахташылық ҳәм ғәллешиликте жоқары нәтийжелерге ерисип, өз мектебин жаратқан наманганлы Илҳам Зиёвуддинов, пиллешиликте ҳәр жылы жоқары зүрәәт алып атырған бухаралы Жамила Худойбердиева, шарўашылықта алдынғы технологияларды енгизип, нәсилшиликти раўажландырып атырған қарақалпақстанлы Есенбай Айтымуратов, суў ысырапгершилигин азайтыў ҳәм энергия үнемлеўши системаларды енгизиўге үлес қосып атырған самарқандлы суўшы Асланқул Кәримқуловтың мийнетлери мүнәсип сыйлықланды.

Президентимиз мәмлекетлик сыйлыққа миясар болған ҳәр бир инсанның мийнети ҳәм мәртлиги айрықша итибарға ылайық екенин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы усы күнлерде орынларда ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланып атырған ўатанласларымызды да қызғын қутлықлады.

Мәресимде мәмлекетимиз басшысы сыйлықларды олардың ийелерине салтанатлы түрде тапсырды.