Жигирма күнлик оқыў-жыйын шынығыўлары, бир ҳәпте даўамындағы стресс, шаршаған спортшыларымыздың, биз — тренерлердиң барлық машақаты жуўылып кеткендей болды. Бизге мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы менен ең заманагөй, ең үлкен самолётлардан бири ажыратылғанының өзи параспорт қаншелли қәдирленгени, спортшыларымыздың ҳүрмети қаншелли екенин көрсетти. Тоғыз саат ушқан болсақ та, жол шаршаўын сезбедик.
Салтанатлы күтип алыў мәресиминиң алдында еситкенимиз — мәмлекетимиз басшысының бизге жоллаған қутлықлаўы ҳәммемизди алдағы жарысларға, кейинги жеңислерге руўхландырды. Беллесиўлерде әҳмийетли фактор болған мәртлик, батырлық, Ўатан абырайын мүнәсип қорғаў мақсетимиз айрықша тән алынғанынан қуўандық. 45 алтын, 49 гүмис ҳәм 51 қола медаль менен улыўма командалық есапта үшинши орынды ийелегенимиз тарийхый нәтийже сыпатында баҳаланғаны бизге және де көтериңкилик бағышлады. Ҳәттеки усы жердиң өзинен тиккелей стадионға барып, шынығыўларды даўам еттиргимиз келетуғын дәрежеде толқынландық. Себеби паралимпия ойынларына көп ўақыт қалмады.
Күни кеше ашылыў мәресими болып өткен II Президент олимпиадасында да байрамдай безелген стадионға жергиликли сайланды командалар, параазия ойынларының жеңимпазлары сап тартып шыққаны жүдә толқынландырыўшы болды. Үлкен майданда мәмлекетимиз басшысының "Бүгин параспортшы ул-қызларымыздың мәртлиги ҳәм ерлигин де айрықша атап өтпекшимен", деген сөзлерин ҳәм көплеген параспортшылардың атын жүзлеген болажақ спортшылар еситти. Параазия ойынларында қатнасқан барлық спортшылар ҳәм ата-аналары, тренерлерине миннетдаршылық билдирилди. Мәмлекеттиң ең абырайлы спорт олимпиадасындағы бундай тән алыныў спорттағы теңликтиң және бир айқын дәлили болды.
Бүгин паралимпия спортына қаратылып атырған итибарды көрип, узақ жыллар параспортшылар итибардан шетте қалғаны, сол себепли, бул бағдарда сезилерли илгерилеў болмағаны, майыплығы болған шахсларға ҳәзиргидей мүнәсибет көрсетилмегениниң себеби ҳаққында ойлап қаламан. Ҳәзир ғамхорлық себепли параспортымыз раўажланып, дүньяға белгили болды. Сырт елли тренерлер, қарсылас командалар таңланыў менен биздеги бундай кескин өсиўдиң себеби ҳаққында көп сорайды. Оларға "Биздиң ҳәр бир тараўды, перзентлерин, халқын ардақлайтуғын ҳәм бар меҳрин ертеңимиз ийелерине бағышлайтуғын Президентимиз бар", деп мақтанамыз. Бундай өсиў, бир қатар жеңислер тек ғана тренер ямаса қәбилетли спортшының мийнети есабынан болмайды. Спортшыға шараят жаратылмаса, қалайынша дүньяға шығамыз, шеберлигимизди қай жерде көрсетемиз?!
Дурыс, спорт үлкен қәрежет талап етеди, бирақ миллет имиджи, мәмлекеттиң, халықтың характерин көрсететуғын тараў болғаны ушын Президентимиз бул жолда қанша қаржы керек болса, соны ажыратпақта. Бул дурыс ҳәм ақылға уғрас сиясат себепли спортты раўажландырыў ҳәм келешегимизди саламатландырыўға ерисип атырмыз. Халқымыз арасында спортқа ғалабалық қызығыўшылық оянды. Ең әҳмийетлиси, майыплығы бар перзентлерин де спорт мектеплерине биймәлел жетеклеп келетуғын ата-аналардың саны сезилерли дәрежеде артты. Жәмийетимизде инклюзив орталық жаратыўға ҳеш қандай тосқынлық болмаўы артынан бундай балалар өз теңлеслерине емин-еркин қосылып, олардың арасында өз орнын табыўға умтылмақта. Атап айтқанда, спортта бул теңлик тарийхта бақланбаған нәтийжелерге себеп болмақта. Солай екен, елимиз параспортының келешеги жарқын, мақсети анық.
Сардор АБДУХОЛИҚОВ,
Өзбекстан паражеңил атлетика
сайланды командасы бас тренери