Өзбекстан футбол ассоциациясының хабар бериўинше, 22-октябрь күни болып өткен FIFA Кеңеси Бюросының мәжилисинде тийисли қарар қабыл етилген.

Жаслар арасындағы мундиал 2027-жылдың 17-сентябринен 9-октябрине шекем даўам етеди. Онда жәҳән чемпионы атағы ушын 24 сайланды команда гүрес алып барады.

Буннан тысқары, FIFA турнир ойынларына келиўди қәлеген ықласбентлер ушын дәслепки дизимнен өтиўди ашты. Билетлер саўдасының басланғаны ҳаққында хабарнама алыў ушын FIFAның рәсмий веб-сайтында дизимнен өтиў мүмкин.

Билетлердиң баҳасы ҳәм сатыўдың анық басланыў мүддетлери елеге шекем жәрияланбаған.