2026-жылдың 20-октябрь күни саат 16:00 ден 21-октябрьге шекемги ўақыт аралығында өткерилген жарысларда өзбекстанлы спортшылар бир қатар бағдарларда алтын медальларға ийе болды.
Пауэрлифтинг бойынша 61 килограмм салмақ категориясында Муслима Нуриддинова жеңимпазлықты қолға киргизди.
Пара жүзиў бойынша SМ8 класында 200 метрге комплексли усылда жүзиў финалында Азизбек Бойназаров 2:23.87 нәтийже менен биринши орынды ийеледи. S13 класында 100 метрге брасс усылында жүзиў беллесиўлеринде болса Мубинабону Халилова 1:19.60 нәтийже менен алтын медальды қолға киргизди.
Жеңил атлетика бойынша ядро ылақтырыў беллесиўлеринде Мадина Мухторова F40 категориясында 9,10 метр нәтийже менен жеңимпаз болып, Параазия ойынлары рекордын орнатты. F41 категориясында қатнасқан Наврўза Ахматова болса 10,02 метр нәтийже менен Азия рекордын жаңалады.
Сондай-ақ, пара велошоссе бойынша ҳаял-қызлар арасында Т1-2 класында ўақыт жарысында Маржона Пардабоева 25:58.04 нәтийже менен алтын медальды қолға киргизди.
Пара дзюдо бойынша ер адамлар арасында J2 класында, 95 килограммнан жоқары салмақ категориясында Дауирхан Караматов барлық қарсыласларын жеңип, минбердиң ең жоқары текшесине жайласты.
Пара пауэрлифтинг бойынша ер адамлар арасында 80 килограмм салмақ категориясында Бекзод Жамилов финалда 229 килограмм тасты көтерип, алтын медальға ийе болды. Ҳаял-қызлар арасында болса 67 килограмм салмақ категориясында Рухшона Ўктамова жеңимпазлықты қолға киргизди.
Өзбекстан делегациясы жарыслардағы табыслы қатнасыўын даўам еттирмекте. Ҳәзирги ўақытта командамыз улыўма командалық есапта екинши орында бармақта.