Пара жеңил атлетика бойынша ер адамлар арасында F35 класында ядро ылақтырыў финалында қатнасқан Ҳусниддин Норбеков 16,04 метр нәтийже көрсетип, биринши орынды ийеледи.

Пара жүзиў бойынша ер адамлар арасында S13 класында 100 метрге еркин усылда жүзиў беллесиўлеринде Өзбекстан ўәкили Егор Болотов 52,90 секунд нәтийже менен финишке биринши болып жетип келди ҳәм алтын медальды қолға киргизди.

Ҳаял-қызлар арасында F32 класында клуб ылақтырыў финалында қатнасқан Маҳлиё Акромова 24,08 метр нәтийже менен биринши орынды ийеледи. Сондай-ақ, ол Пара Азия ойынлары рекордын орнатты.

Пара жеңил атлетика бойынша ер адамлар арасында F37 класында ядро ылақтырыў беллесиўлеринде Қудратилло Маруфхўжаев 16,66 метр нәтийже менен алтын медальға ийе болды. Ол да Пара Азия ойынлары рекордын жаңалады.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан делегациясы есабында 5 алтын, 8 гүмис ҳәм 6 қола — жәми 19 медаль бар.

Улыўма командалық есапта Өзбекстан екинши орынды ийелеп тур.