Жарыстың екинши күнинде аўыр салмақ категорияларында беллесиўлер болып өтти. Ер адамлар арасында - 100 ҳәм +100 килограмм салмақ категорияларында Өзбекстан ўәкиллери чемпионлықты қолға киргизди.
Еки күн даўам еткен жарыста өзбекстанлы дзюдошылар жәми 13 медаль — 5 алтын, 2 гүмис ҳәм 6 бронза медалына ийе болды.
Халықаралық турнир жеңимпазлары өз рейтинг есабына 100 баллдан қосып қойды.