Оған бола, Өзбекстан ер адамлар арасындағы Жәҳән кубогына жоллама алған мәмлекетлер дизиминде биринши орынды ийеледи. Ҳаял-қызлар арасындағы Жәҳән кубогине болса Өзбекстан 13-орынды ийеледи.
“FIDE” мағлыўматына бола, Олимпиада нәтийжелери тийкарында ер адамлар арасындағы жарыс ушын 83 миллий федерация, ҳаял-қызлар арасындағы жарыс ушын болса 45 федерация жолламаға ийе болды.
Европа, Африка ҳәм Америка континентлери федерациялары өзлерине ажыратылған айырым жолламаларды континент чемпионатларына өткериўге қарар еткен. Сол себепли ер адамлар арасындағы жарыс ушын 17, ҳаял-қызлар арасындағы жарыс ушын болса 5 жоллама континент жарысларына бағдарланған.
Ҳәр бир миллий федерация Жәҳән кубогында қатнасатуғын шахматшыны Самарқандтағы Олимпиадада қатнасқан өз командасы ағзалары арасынан таңлайды.
Егер команданың барлық ағзалары басқа сайлап алыў жоллары арқалы жарысқа жоллама алған ямаса қатнасыўдан бас тартқан болса, федерация бул орынды басқа шахматшыға бериў ҳуқықына ийе.
Миллий федерациялар өз ўәкиллерин 2027-жылдың 1-15-июль күнлери аралығында тастыйықлаўы күтилмекте.