Өзбекстанлы боксшының қарсыласы британиялы Соломон Дакрес болды. Аўыр салмақ категориясындағы беллесиў 10 раунд даўам етти. Беллесиў даўамында Жалолов үстинликке ийе болды ҳәм қарсыласын нокдаунға түсириўге еристи.
Ушырасыў жуўмағында төрешилер жеңисти бир аўыздан Баҳодир Жалоловқа берди.
Усы тәризде, өзбекстанлы боксшы профессионал рингтеги жеңислер сериясын даўам еттирип, карьерасындағы 18-жеңисин қолға киргизди.